Әпиўайы таксисттен  исбилерменликке

297

ӨзЛиДеП партиясы халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Гаўҳар Реджепова “Боз аўыл” МПЖда болып, мәҳәллениң ҳаял-қызлары ҳәм жаслары ҳақкында мағлыўматлар алып, олардың машқалаларын үйренди. Сондай-ақ, машқаларды шешиў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм профилактикалық дизимде турыўшы жаслар менен ислесиў, олардың бос ўақытларында тил үйрениў ҳәм компьютер курсларына камтыў бойынша мәҳалле белсендилерине өз усынысларын берди.

“Депутат ҳәм жаслар” жойбары шеңберинде ӨзЛиДеП партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң жаслар қанатының бизнеске қызығыўшы жаслары ҳәм “Боз аўыл” МПЖның жаслары менен биргеликте усы мәҳалле пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан исбилерменлик орынларына саяхат шөлкемлестирилди.

Бизнес саяхаттың биринши мәнзили өз жумысын 2020-жылы баслаған өнермент Рано Бердибаеваның тигиў цехы болды. Рано апа усы аймақтағы 7 ҳаял-қызды жумыс пенен тәмийинлеп, майыплығы бар қыз келиншеклерди де тигиў-пишиўге үйретип, бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем берип  киятырған мәҳәллениң белсенди ҳаял-қызларының бири болады.

Депутат жаслар менен сәўбетте исбилерменлик тийкарлары, машақатлары ҳәм сол арқалы келетуғын  жақсы дәраматлы нәтийже ҳаққында айтып өтти. Әҳмийетлиси бул тигиў цехына үйренемен деп келген жасларға бийпул өнер үйретип, оларға өзине келген буйыртпалардан берип, тиккен тигислерине ҳәттеки,  қол ҳаққы да беретуғынын айтып өтти, өнермент Рано Бердибаева

Сондай-ақ, мәҳәллениң жас исбилермени “Боз аўыл мәҳалле универсал сервис компаниясы” ЖШЖ  ның тийкарын салыўшысы “Боз аўыл” мәҳаллесиндеги кем тәминленген 10 ға шамалас  инсанлардың бәнтлигин тәмийинлеп, олардың өнерли болып, шаңарағына дәрмат алып кириўине себепши болып киятырған жас исбилермен Рашид Қалбаев жасларға өзиниң бизнеске кирип келиў тарийхы ҳәм бул тараўдағы тәжрийбелери ҳаққында айтып берди.

– Мен шарўашылық ҳәм дийқаншылық пенен шуғылланатуғын шаңарақта тәрбияланғанман. Бизнес пенен айланысқан жакынларым болмаған. Бос ўақтымда такси айдап Нөкис қаласының көп жерлерин айланып танысып шыққанман. Өзим жасайтуғын аймақтан усы бизнести баслаўды нийет еттим ҳәм 2020-жылы исбилерменликке қол урдым. Басында, әлбетте, қыйыншылықлар болды, бирақ ҳәзир ҳәммеси жақсы. Хәзир 31 жастаман мақсетим еле де өз жумысымды раўажландырыў,  жумыс орынларын жаратыў. Жасларға айтарым бир исти басладынызба ҳеш қашан оны ярым жолда таслап кетпең, – дейди исбилермен Рашид Қалбаев.

– Бүгин партия белсендилериниң басшылығында исбилерменлик орынларына келип, исбилерменлердиң жумыслары, өндирис  орынлары менен таныстық. Әсиресе олардың бизнести баслаў тарийхы менде үлкен қызығыўшылық пайда етти. Бир жумысты басламай турып, ол жумыс ҳаққында мағлыўмат топлап, анализ ислеў кереклигин түсиндим. Бүгинги саяхат келешекте маған өз жумысымды баслаўда жақсы мектеп болды, – дейди  Элмийра Джанузакова.

Амангул ЕСЕМУРАТОВА,

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Жәмийетшилик пенен

байланыслар, мәлимлеме сиясаты ҳәм идеологиялық ислер бөлими баслығы,

Қарақалпақстан хабар агентлиги