Жасларға мәмлекет дәрежесиндеги итибардың көриниси

Мүнәсибет
Бүгинги күнде жаслар ҳәр қандай жәмийеттиң келешегин белгилеп беретуғын әҳмийетли социаллық күш сыпатында тән алынбақта. Мәмлекетимизде де жасларға қаратылған итибар мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.
30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң жаслар менен ушырасыўы әҳмийетли ўақыя сыпатында тарийхқа кирди. Бул ушырасыўда мәмлекетимиз жетекшиси жаслар турмысының барлық тараўларына тоқтап өтти – билимлендириў, исбилерменлик, көркем өнер, спорт, IТ ҳәм социаллық белсендилик сыяқлы бағдарлар орайлық орынды ийеледи.
Президент өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жасларға былай деди: “Бизге билимли, интакер, ўатанына садық, дүньяға көзқарасы кең ҳәм заманагөй жаслар керек. Жаңа Өзбекстанды сизлер менен қурамыз.” Бул сөзлер Президенттиң жасларға болған исенимин билдирип, өз гезегинде, оларға үлкен жуўапкершилик жүклейтуғынын аңлатады.
Елимизде ҳәр қыйлы тараўларда ерисилип атырған нәтийжелер адамды қуўандырады. Әпиўайы ғана мысал, жақында футбол бойынша миллий сайланды командамыз тарийхта биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди. Халқымыздың неше жыллық әрманларын әмелге асырды. Бул болса елимизде спортқа, жасларға болған итибардың нәтийжеси болып есапланады. Жасларымызға жаратылған бундай имканиятлар, ертеңги күни елимиздиң раўажланыўы ушын инвестиция ўазыйпасын атқаратуғыны сөзсиз. Сондай-ақ, мектеплерде оқыўшылар ушын “Шеберлик ҳәм бизнес сааты” енгизилип, олардың идеясын стартапқа айландырыўға 100 миллиард сум грант қаратылады.
Енди, әпиўайы мектеп оқыўшылары өзлериниң жаңа жойбарлары, инновациялық идеяларын әмелге асырыўы ушын имканият есиклери ашылады. Жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша банк-қаржы, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм энергетиканы тийкарғы бағдар сыпатында белгилеп, 100 жойбар әмелге асырылады. Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте “Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери” бағдарламасы иске қосылады. Мәмлекетимиздиң жасларға байланыслы сиясатын халықаралық жәмийетшилик те кеңнен тән алмақта. Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми “Жаслар – 2030” стратегиясын жедел әмелге асырып атырған 10 мәмлекет қатарына кирди. Жаслар раўажланыў индексинде мәмлекетимиз бул бағдарда ең тез пәтлер менен раўажланып атырған мәмлекет, деп табылды. Билдирилип атырған исенимлердиң нәтийжесин әпиўайы сөзлер менен емес, санлар менен келтириў мүмкин болса, өткен жылы елимиз жаслары топ-500 жоқары оқыў орынларына кириў бойынша Орайлық Азияда биринши орынды ийеледи, 30 жас дүньяның топ-10, 500 и топ-100, 1500 и топ-300 университетлеринде оқып атырғаны да бир мысал. Бул – үлкен нәтийже.
Президент жасларымыздың ата-бабаларға, олардың дүньяға көрсеткен потенциалына мүнәсип жол тутатуғынына исенеди. Жаслар менен ушырасыўда атап өтилгениндей, “Биз жасларымыз ушын шараят жараттық, олар буннан утымлы пайдаланып, бийик шыңларды ийелемекте. Биринши ҳәм екинши Ренессансты уллы ойшылларымыз жаратқан болса, бүгин тарийх гезекти сизлерге берип атыр,” деп атап өтти мәмлекетимиз жетекшиси Шавкат Мирзиёев.
Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиз басшысының быйылғы Жаслар күниндеги шығып сөйлеген сөзи тек ғана байрам мүнәсибети менен билдирилген қутлықлаў емес, ал мәмлекеттиң жасларына қаратылған исеним, жуўапкершилик ҳәм имканиятлар манифести сыпатында баҳаланады. Жуўмақлап айтқанда, шығып сөйлеўдеги анық усыныс ҳәм режелер жаслар ушын әмелий қәдемлер, жаңа имканиятлар есигин ашып береди.
Гүлжан Халмуратова,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,
ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.