«Amore Avenue» тойханасы имканиятлардың жемиси

«Өзбекстанда исбилерменлик ҳәрекети артқа қайтпайтуғын үлкен күшке айланды. Биз мәмлекет көлеминде өз алдымызға қандай үлкен мақсет ҳәм ўазыйпалар қоймайық, оларды әмелге асырыўда пүткил халқымыз бенен бирге, бәринен бурын сизлерге сүйенемиз. Исбилерменлеримиз қанша бай болса, халқымыз сонша абадан жасайды, мәмлекетимиз сонша қүдиретли болады. Исбилерменниң жетискенлиги – бул пүткил халқымыздың жетискенлиги»,-деген еди Президентимиз исбилерменлер менен ушырасыўда.

Дәўир талабы исбилерменликти талап етип турған бир пайытта мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып, Президентимиз тәрепинен бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди. Әсиресе, Президентимиздиң 2023-жыл 8-августта «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» ғы пәрманының қабыл етилиўи республикамызда исбилерменлер ушын үлкен имканиятлар есиги болды. Усы пәрман тийкарында орынларда жумыс алып барып атырған исбилерменлер өз жумысын жолға қойыўы менен бирге мол дәрамат таўып, халыққа хызмет етпекте.
Тақыятас районындағы «Жайхун саўда орайы» ЖШЖ Президентимиздиң республикамызда жумыс алып барып атырған исбилерменлер ушын қабыл еткен ҳуқықый ҳүжжетлери тийкарында банктен жеңиллетилген кредит алып, 540 орынлық «Amore Avenue» тойханасын қурып питкереди. Тойханаға Қытай мәмлекетинен алып келинген буйымлар арқалы декорация шырайлы етип безетилип, ҳәзирги ўақытта халыққа сапалы той хызметлери көрсетилмекте. Бул жерде жигирмадан аслам адам жумыс пенен бәнт етилген.

-Бул саўда комплексте тойханадан тысқары мебель ҳәм турмыслық техникалық буйымлар саўда орны, шаштәрезхана, маринад шашлык ислеп бериў хызмети ислеп турыпты. Бул саўда комплексти иске түсриў арқалы халыққа сапалы хызмет көрсетиў менен бирге жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге ерисип атырмыз,-дейди саўда комплекстиң ис жүргизиўшиси, исбилермен Ғафур Якубов.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги