Транспорт министри “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолының қурылыс процеси менен танысты

Транспорт министри Илҳом Маҳкамов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Қырғыз Республикасының Жалалабад ўәлаятына барды. Делегация ағзалары “Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан” темир жолының қурылыс жойбары шеңберинде Ферғана ҳәм Қос-Добо туннельлерин қурыў жумыслары менен жақыннан танысты.
Бул туннельлер “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолы қурылысының тийкарғы имаратлары болып есапланады. Ҳәрбир тоннельдиң узынлығы 12 км ден асады.

Сондай-ақ, жумысшы топар “Макмал” темир жол станциясының орнында қурылысы режелестирилген жаңа станцияның жойбары ҳәм қурылыс майданы және “Жаңа Жалалабад” темир жол станциясының қурылыс жойбары менен жақыннан танысты.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, усы жылы 30-июнь күни Қырғызстанда “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” халықаралық темир жолының пүткил узынлығы бойлап толық көлемдеги қурылыс жумыслары рәсмий түрде басланды. Бул жойбар ең қурамалы инженерлик объектлеринен бири болып есапланып, темир жоллардың 40 процентке шамаласы туннель ҳәм көпирлер арқалы өтеди.


Сондай-ақ, министр И.Маҳкамов, Қырғызстан Транспорт ҳәм коммуникациялар министриниң орынбасары А.Турғунбаев, “Қырғыз темир жолы” Миллий компаниясы Бас директорының орынбасары Н.Арапбаев, “Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан” темир жол компаниясының бас директоры Чжоу Синь ҳәм ЕРС жумысты бөлип алып ислеўши шөлкеминиң бас директоры Чжан Эй Тао қатнасыўында қурылыс процесиниң барысы додаланды. Тийисли мәселелер бойынша пикир алысылды.
Ш.Маматуропова, ӨзАның хабаршысы