Филиалдың жаңа имаратындағы шараятлар менен танысты

307

 

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалына ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Филиал 300 орыннан ибарат болып, халыққа күни-түни қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетеди. Онда 150 ге шамалас тәжирийбели шыпакерлер, 400 ге шамалас орта медицина хызметкерлери наўқасларға хызмет көрсетип келмекте. Медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм шыпакерлерди зәрүр тар тараў қәнигелигине қайта таярлаўға айрықша итибар қаратылған болып, онда хирург, нейрохирург, травматолог, терапевт қәнигеликлери бойынша клиникалық ординатура оқыў бағдарламасы ашылған.

Филиал 2025-жылдан баслап Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизми бойынша қаржыландырыўға өткен.

2024-жылдың февраль айында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында” ғы қарарына тийкарланып 4 қабатлы жаңа имарат қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылды. Жаңа имарат жәми 130 орынға мөлшерленген болып, онда айрықша қабыллаў (триаж системасында), 60 орынлық хирургия, 25 орынлық нейрохирургия, 25 орынлық травматология, 20 орынлық гинекология, сондай-ақ, 7 заманагөй операция бөлмелери, клиникалық-биохимиялық лаборатория, орайлық стерилизация пункти ҳәм қан банки бөлимлери халыққа күни-түни қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетеди.

Соңғы жылларда филиалдың материаллық-техникалық базасы жетерли дәрежеде беккемленген. Филиал жаңа ангиография, АИК, МСКТ, Холтер, санлы рентген, ФГДС, лапараскоп, УТТ, гемодиализ ҳәм басқа да заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленди, наўқасларға сапалы қыстаўлы медициналық жәрдем ҳәм кем инвазивли, жоқары технологиялы хирургиялық әмелиятларды өткериў ушын жетерли шараятлар жаратылды. Филиалды аўыр жағдайдағы наўқасларға үзликсиз кислород пенен тәмийинлеў мақсетинде Кислород станциялары менен де тәмийинленди.

Ангиография үскенесинде заманагөй диагностика әмелияты – коронография ҳәм жүрек ишемик кеселликлеринде стентлеў әмелияты жолға қойылды.

Филиалда 2024-жылдан баслап ашық усылда кардиохирургиялық операциялар ислеп атырған жүректе аорто-коронар шунтлаў операциясы орынланып келинбекте.

Урологиялық наўқасларға заманагөй эндоурологиялық хирургиялық операциялар (трануретрал интриоптикалық уретеролитотрипсия, перкутант нефростомия, перкутант нефролитотрипция, мочечникти стентлеў) жолға қойылды.

Наўқасларға филиалда кем инвазивли лапараскопикалық хирургиялық операциялар өткериў кейинги жыллары көбейген. (2023-жылы -954, 2024-жылы 1350).

Филиал орайласқан ҳалда заманагөй телемедицина үскенелери менен тәмийинленген. Филиалда аўыр ҳәм емлеў-диагностика процесслеринде қурамалы емлеўлерди талап ететуғын наўқасларға Ташкент қаласы Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының маман қәнигелери менен, Қарақалпақстан Республикасы районлық медицина бирлеспелериндеги аўыр наўқасларға филиал маман қәнигелери менен телемедицина бағдарламасында реал ўақыт режиминде онлайн-мәсләҳәтлесиў әмелияты енгизилген.

Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар филиалда жаратылған шараятлар менен танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.