Жас палўанлар Қаратерең бойында беллести

Тахтакөпир районының ең бир пайызлы «Қаратерең» экотуризм комплексинде «Әҳмийетли 90 күнлик» жойбары шеңберинде балалардың жазғы дем алыс күнлерин мазмунлы өткериў ҳәм олардың спортқа болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде, 2006-2007-жылларда туўылған жаслар арасында спорттың миллий гүрес түри бойынша «Тахтакөпир районы ҳәкиминиң кубоги» жарысы өткерилди.

Ҳақыйқый спорт байрамы сыпатында өткерилген жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 14 команда қатнасып, олар ҳәр қыйлы салмақ категориялары бойынша өз-ара беллести.
Кескин беллесиўлерге бай болған жарыс соңында, улыўма командалық есапта Тахтакөпир районының жас палўанлары бас сыйлықты жеңип алыўға миясар болды.
Майдан ийелерине жеңилип қалған шымбайлы палўанлар сыйлы екинши орынды ийелеген болса, Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районы командасы үшинши орынды жеңип алыўға еристи.

-Жарыста палўанлар 7 салмақ категориясы бойынша беллести,-дейди шымбайлы палўанлардың устазы Саламат Данияров.-Дәслеп Қоңырат районы, соңынан Нөкис қаласы командасын жеңген болсақ, финалда Тахтакөпир районы палўанларына 4:3 есабында жеңилип қалдық. Спортта күш пенен биргеликте, әўмет те айрықша хызмет атқарады. Бул рет тахтакөпирли палўанларға әўмет күлип бақты. Алдағы жарысларда жеңимпазлықты қолдан бермеўге ҳәрекет етемиз.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок, диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.