Белсенди жаслардың мийнети айрықша тилге алынды

229

Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети  тәрепинен Кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң 120 жыллығы  ҳәм 30-июнь – «Жаслар күни» мүнәсибети менен «Басшы ҳәм Жаслар» атамасында  мәдений илаж өткерилди.

Онда Жаслар ислери агентлигиниң қала ҳәм районлардағы белсендилери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң баслығы Ж.Аяпов, Өзбекстан  кәсиплик  аўқамлары  Федерациясы Карақалпақстан Кеңеси баслығының  жаслар  мәселеси   бойынша  мәсләҳәтшиси  Н.Алиев  ҳәм  Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Турсыновлар шығып сөйлеп, «Жаслар күни» мүнәсибети менен жасларды қызғын қутлықлады.

Жасларға бирлескен комитети системасындағы басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкемлери ҳәм мәкемелеринде жаслар бойынша алып барылған жумыслар  ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилип, пидайы жаслардың өндиристеги, киши бизнестеги, дийқншылық тараўындағы ҳәм басқа да жәмийетлик жумыслардағы мийнетлери айрықша атап өтилди.

Илаж даўамында  Жаслар ислери агентлигиниң қала ҳәм районлардағы белсендилеринен 52 жас ҳәм басқармадағы жас қәнигелер Өзбекстан Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды ҳәм «Миннетдаршылық хаты»  менен естелик саўғалар  тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.