Өзбекстанда 50 глобал навигациялық жасалма жолдас системасы станциясы иске түсирилди

Бизге белгили, мәмлекетимизде геомәлимлеме инфраструктурасын жетилистириў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм санлы хызметлердиң сапасын және қамтып алыўын кеңейтиў бағдарында избе-из жумыслар алып барылмақта.
Соның ишинде, «Миллий географиялық мәлимлеме системасын жаратыў» инвестициялық жойбары шеңберинде 2018-жылы жумыслар басланған болып, дәслепки басқышта 50 глобаллық навигациялық жасалма жолдас системасы (ГНЖЖ) станциясы иске қосылды.
Бул станциялар дүньяның жетекши ислеп шығарыўшыларынан бири – Леица Геосйстемс компаниясының ГР50 маркалы жоқары анықлықтағы қабыллаўшы қурылмалары менен үскенеленген. Системада Спидер программалық тәмийнаты орнатылған болып, ол 60 қа шекем станцияны орайласқан ҳалда басқарыў ҳәм 500 ге шекем пайдаланыўшыны үзликсиз түрде жалғаў имканиятын береди.
Ҳәзирги күнде бул бағдарлама арқалы Кадастр агентлигиниң 50 ҳәм Айрықша жағдайлар министрлигиниң 10 ГНЖЖ станциясы нәтийжели басқарылмақта. Система арқалы реал ўақыт режиминде 500 ге шекем абонентке жоқары анықлықтағы геомағлыўматлар тийкарында хызметлер көрсетилмекте.
Жойбардың кейинги басқышында, яғный 2025-2026-жыллар даўамында және 80 ГНЖЖ станциясын сатып алыў ҳәм олардың улыўма санын 130 ға жеткериў режелестирилген.
Бул процесс шеңберинде Кадастр агентлиги қаржылары есабынан 80 жаңа геодезия пункти қурылды ҳәм заманагөй талаплар тийкарында үскенелерди сақлаў ханалары таярланды. Сондай-ақ, оларды Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик геодезия тармағына интеграциялаў мақсетинде зәрүр өлшеў ҳәм байланыстырыў жумыслары да толық әмелге асырылды.
Бундай кең көлемли ҳәм системалы илажлар тек ғана жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў емес, ал санлы экономика, урбанизация ҳәм инфраструктура жойбарларын илимий тийкарда басқарыў имканиятын бериўге хызмет етиўи менен де әҳмийетли.
Ш.Маматуропова, ӨзА