Әзербайжан Россия мәдений илажларын бийкарлады

Кеше Россияның Екатеринбург қаласында полиция рейдлеринен кейин еки әзербайжанлы қайтыс болды. Буған наразылық белгиси сыпатында туўысқан мәмлекет рәсмийлери РФ мәмлекетлик ҳәм жеке меншик мәкемелери тәрепинен режелестирилген барлық мәдений илажларды кешиктирди, деп жазған “Euronews”
Әзербайжан Мәденият министрлигиниң жазыўынша, концерт, көргизбе, фестиваль ҳәм тамашалар “Россия ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен Екатеринбургта этникалық тийкарда әзербайжанларға қарсы мақсетли ҳәм судсыз адам өлтириў, зорлық ҳәрекети” себепли қалдырылған.
– Кейинги ўақытта бундай жағдайлар системалы түрге енди, – делинген хабарда.
Әзербайжан Сыртқы ислер министрлиги “исти тезлик пенен тексериў, қабыл етип болмайтуғын бундай зорлық ҳәрекети ушын жуўапкерлерди мүмкин болғанынша тезирек жазалаў”ды талап етпекте.
Россия ҳуқық қорғаў уйымлары жума күни Урал таўының етегиндеги санаат қалашасында әзербайжанлар жасайтуғын үйде рейд өткерген. Нәтийжеде еки адам қайтыс болған, бир неше адам аўыр жарақатланған. Әмелият ўақтында тоғыз әзербайжанлы қамаққа алынған.
Муслим Зиё, ӨзА