Кегейлиши 2 жасқа турақ жайдың гилтлери тапсырылды

212

Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ушын қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды турақ жай менен тәмийинлеў тартиби ҳаққында”ғы қарары тийкарында елимиздеги көплеген жаслар турақ жай менен тәмийинленип, олар қуўанышқа бөленбекте.

Атап айтқанда, 30-июнь- Жаслар күни сәнеси мүнәсибети Кегейли районында ата-ана қарамағынан айырылған усындай еки жасқа «Жаңа Өзбекстан» турақ жайлар массивинен заманагөй ҳәм барлық қолайлықларға ийе болған 2 ханалы турақ жайдың гилтлери салтанатлы түрде тапсырылды.




Илажға район ҳәкими Айбек Камалов ҳәм аймақ белсендилери қатнасып, жаңа турақ жай ийелерине қутлы болсын айтты ҳәм Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған бундай ийгиликли ислер районда еле де даўам ететуғынлығын атап өтти.

-Мине бүгин бизлер Президентимиздиң бизлердей жасларға көрсетип атырған аталарша ғамқорлығының арқасында, усындай турақ жайға ийе болып атырмыз,-дейди жаңа турақ ийеси Сәрдар Ерназаров.-Бизлерге көрсетилип атырған ғамқорлық ушын елимиз басшыларына үлкен рахмет айтамыз ҳәм билдирилген исенимди толық ақлаў ушын аянбастан хызмет ете беремиз.

Республикамыз аймақларында социаллық қорғаўға мүтәж жасларға көрсетип атырған бундай қоллап-қуўатлаў, Журтабасшымыздың жасларға көрсетилип атырған айрықша итибары ҳәм ғамқорлығының және бир әмелий көриниси болды, десек алжаспаған боламыз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги