Халықаралық автомобил жолы реконструкцияланбақта

235

Соңғы жыллары мәмлекетимизде барлық тараўлар сыяқлы, жол қурылысында мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында жолларды басқышпа-басқыш реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта. Бундай дөретиўшилик жумыслардың нәтийжесинде қала ҳәм аўылларымыздағы жоллар кең ҳәм тегис болмақта.

Әсиресе, республикамыз аймағынан өтиўши халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының өткериўшеңлигин арттырыў мақсетинде исленип атырған жумыслар елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўында әҳмийетли орын тутпақта.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов ҳәм Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитетиниң баслығы Жамшид Турсунов пенен биргеликте республикамыздың Қараөзек ҳәм Беруний районлары аймағынан өтиўши А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 673-698 км (25 км) инде алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысып, жол қурыўшыларға ҳармасын айтты.

Бул жол халықаралық транзит имканиятларын кеңейтиў, транспорт ағымын жақсылаў, транспорт басқарыўшылары ҳәм жолаўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған.

Улыўма баҳасы 48,7 миллион доллар болған жойбар қурылысының жумысларын сапалы алып барыўда халықаралық консалтинг компаниялары тартылған болып, ҳәзирги ўақытта арнаўлы машина механизмлери ҳәм жумысшы-қәнигелер мобилизацияланған ҳәм  қурылысты тез күнлерде сапалы етип жуўмақлаў ушын қызғын жумыслар алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги