«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформаларда айрықша белсендилик көрсетип, өзиниң билим ҳәм қәбилети, умтылысы, интакерлиги ҳәм нәтийжели мийнети менен Ўатанымыздың раўажланыўын арттырыў, Жаңа Өзбекстанның халықаралық көлемдеги абырайын және де арттырыўға үлкен үлес қосып киятырған, жоқары мәнаўиятлы, еркин пикирлейтуғын, кең дүняқарас ҳәм жоқары потенциалға ийе, халық мәпи ҳәм елдиң келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына алыўға уқыплы болған пидайы ҳәм мәрт улларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм геральдика бойынша комиссияның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының қәбилетли жигитлерин илим, билимлендириў, медицина, мәденият, әдебият, көркем өнер, спорт, өндирис, әскерий хызмет тараўлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларындағы жумысында ерискен айрықша жетискенликлери ушын “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын:
- “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанларға сыйлықлаў дипломлары ҳәм көкирек белгилери салтанатлы түрде тапсырылсын.
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы ийелериниң ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйылығы ийелериниң ибратлы жумысы, олардың сийрек ушырасатуғын қәбилети ҳәм ерискен жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи Ғ.Ғ.Мирзаевқа жүкленсин.
Өзбекстон Республикасы
Президенти Ш.Мирзиёев
Ташкент қаласы,
2025-жыл 28-июнь
***
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2025-жыл 28-июньдағы
ПҚ-208-санлы қарарына қосымша
«Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйылығы менен сыйылықланғанлардың
ДИЗИМИ
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
Хожабеков Батырбек Жолмурзаевич – Өзбекстан Республикаси Миллий гвардиясының Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы әскерий бөлими спорт топарының инструкторы
Эшниязов Ислам Сапарбаевич – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалық театрының сахна устасы