Гросси биринши мәрте МАГАТЭ Басқарыў кеңесин шақырды

МАГАТЭ Бас директоры Рафаэль Гросси ўәкиллик мүддети даўамында биринши мәрте Агентлик Басқарыў кеңесин жыйнады.
– Бул Ирандағы аўыр жағдайдан дәрек береди, – деди РФның усы халықаралық шөлкемдеги турақлы ўәкилиниң орынбасары Роман Устинов “РИА Новости” хабаршысына.
Мәжилисте АҚШтың Иран ядро объектлерине соққысы темасы додаланған.
– Бул гезексиз сессия кеңеске ағза бирде-бир мәмлекет емес, ал басшының басламасы менен шақырылды, – делинген хабарда. – Ол тап усындай ўәкилликке ийе, бирақ биринши мәрте бундай жыйын шөлкемлестирилгени жағдайдың қаншелли аўыр екенин көрсетпекте. Бас директор Израиль ҳәм АҚШ Иранның ядролық объектлерине тиккелей соққы бергеннен кейинги жағдай пүткил ядролық қурал тарқатпаў системасы ушын оғада аўыр ақыбетке алып келиўи ҳәм сол себепли айырым қәдемлер таслаў зәрүрлигин атап өтти.
– Тәбийғый, биз бул пикирди қоллап-қуўатладық, – деп жағдайға анықлық киргизген россиялы дипломат.
22-июньға өтетуғын түнде АҚШ Иранның Натанз, Фордо ҳәм Исфахандағы үш ядро обектине соққы берди. Вашингтон ҳүжим ядро бағдарламасын жоқ етиў ямаса кескин әззилетиў мақсетинде шөлкемлестирилгенин атап өтти. Өз гезегинде Иран Атом энергиясы шөлкеми Ислам Республикасы ядро санааты раўажланыўдан тоқтамайтуғынын билдирди.
Сол ўақитта АҚШтың ҳүжими халықаралық көлемде унамсыз нәтийже берди. Мәселен, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш енди регионда қәўип күшейип, халықаралық тынышлық ҳәм қәўипсизликке тиккелей қәўип күшейетуғынын болжамақта. Россия да АҚШтың Ирандағы ядро объектлерине соққы бергенин кескин қаралады.
– Олар халықаралық ҳуқық, БМШ Режеси ҳәм Қәўипсизлик Кеңеси резолюцияларын қопал түрде бузбақта, – делинген РФ билдириўинде. – Москва МАГАТЭден ўақыяларға қалыс мүнәсибет күтеди.
С.Раҳимов, ӨзА