Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселеси бойынша сәўбетлесиў өткерилди

491

Нөкис районында  Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова басшылығында мәжилис болып өтти.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары- Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Аҳмедова, банк тараўы басшылары ҳәм район белсендилери қатнасты.

Илажда аймақтағы ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларға жеңиллетилген кредит бериў арқалы өз исбилерменлик жумысларын баслаўы ушын мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшилери жақыннан жәрдем бериў кереклиги атап өтилди.

Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң 2025-жыл 14-март күнги «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар системасын және де жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-103-санлы қарарының орынланыў барысы бойынша жумыслар додаланып, алдағы ўақытлары ислениўи тийис болған жумыслар тийкарында режелер белгиленип алынды.

Буннан соң  Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.  Маҳкамова райондағы «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйынындағы “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар орайы”ның жумысы менен жақыннан танысты.

Орайдың шөлкемлестирилиўи Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы бағдарлар – жәмийетте шаңарақлық қәдириятларды сақлаў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў ҳәм жасларды еркин турмысқа пуқта таярлаў сыяқлы ийгиликли мақсетлерге хызмет етеди.

Соның менен бирге, орайда ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменлик жумысына тартыў ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылған жойбарлар ҳаққында мәҳәлле ҳаял-қызлары ҳәм нураныйлар менен сәўбетлести.

Қарақалпақстан хабар агентлиги