Иран қорғаныў министри Қытайда

466

АҚШ та араласқан Израиль менен 12 күнлик соқлығысыўдан кейин Иран қорғаныў министри Азиз Носирзода сырт елге биринши сапарын дипломатия ҳәм экономика бойынша жақын аўқамласы есапланған Қытай Халық Республикасынан баслады. Ол Шанхай бирге ислесиў шөлкеми мәжилисинде қатнасқан тоғыз мәмлекет ўәкиллеринен бири болды, деп жазды CNN.

НАТО жетекшилери Гаагада жыйналған, Дональд Трамп АҚШ Иран менен ядро бағдарламасы мәселеси бойынша итималлы келисим бойынша “келеси ҳәптеде” ушырасатуғынын айтқан ўақытқа туўра келген бул әнжуманда ҚХР ўәкили Донг Жун, соның ишинде, былай деди:

– Бир тәреплемелик ҳәм протекционизм күшейип бармақта, гегемонлық, бәлентпәрўаз билдириўлер ҳәм зорлық ҳәрекетлери халықаралық тәртипти сезилерли дәрежеде бузады. Биз ШБШ қурамындағы барлық мәмлекетлерди муўапықластырыўды күшейтиў, халықаралық әдилликти қорғаў ҳәм глобал стратегиялық турақлылықты қоллап-қуўатлаўға шақырамыз.

Қытай рәсмий мәлимлеме агентлиги “Синьхуа” хабарына бола, қатнасыўшы мәмлекетлер әскерий шерикликти беккемлеў ҳәм раўажландырыўға таярлығы исенимли екенин де билдирген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги