Жаңа емлеў усыллары ҳаққында мағлыўматлар берилди

Ҳәзирги ўақытта денсаўлықты сақлаў ҳәм стратегиялық раўажланыў институты Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-майдағы “Республикада Денсаўлықты сақлаў системасын ҳәм халыққа медициналық хызмет көрсетиў принциплерин жетилистириў арқалы тараўды реформалаўды басқышпа-басқыш даўам еттириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы, “Денсаўлықты сақлаў системасында реформаларды әмелге асырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Саламат турмыс тәризин қәлиплестириў” атамасында оқыў-семинарлары өткерилмекте.
Гезектеги семинар Елликқала районында Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Төрткүл районлық медицина бирлеспелериниң жуўапкер медицина хызметкерлери ушын шөлкемлестирилди.
Семинарда халық арасында I ҳәм II қәўип топарына тийисли саламат турмыс тәризи ҳәм кеселликлер профилактикасы бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды. Медицина хызметкерлериниң әҳмийет қаратыўы керек болған мәселелер додаланды.
Сондай-ақ, дене салмағы индексин есаплаў, қантлы диабеттиң 2-түри ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлери қәўипин анықлаў бойынша телеграм-ботлар ҳәм мобиль қосымшалар, сондай-ақ, “Саламат болайық” платформасы, жасалма интеллект жәрдемшиси менен ислесиў усыллары түсиндирилди.


Илаж қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги