Пидайы кәсип ийелерине жоқары ҳүрмет үлгиси

261

Инсан қәдири ең жоқары қәдирият есапланған мәмлекетимизде барлық тараўлар сыяқлы, суд-ҳуқық системасында да бир қатар реформалар әмелге асырылып, соңғы 8 жылдың өзинде судларға байланыслы 70 ке шамалас нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабылланды. Олардың материаллық-техникалық базасы жақсыланды.

Әлбетте, тараўда жаратылған усындай кең шараят ҳәм имканиятлар халқымыздың мәселелерин дурыс шешип, әдилликти орнатыўда әҳмийетли хызмет етип келмекте. Мағлыўматларға қарағанда, өткен жылдың өзинде елимиздеги судларда 3 миллионнан аслам мәселе көрип шығылған. Бул болса, соңғы жыллары халқымыздың ҳуқықый санасының өсип баратырғанлығының айқын дәлийли болып есапланады.

2024-жылдың 1-ноябрь сәнесинен баслап болса, судлардың ишки ҳүжжетлер айланысы толық электрон формаға өткерилип, нәтийжеде мәмлекет бюджетинен ажыратылатуғын көп муғдардағы қаржылар үнемленди.

Суд уйымында жүргизилип атырған усындай үлкен көлемдеги өзгерислерди кең жәмийетшиликке жәриялаў ҳәм дурыс үгит-нәсиятлаўда ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң атқарып атырған хызметлери айрықша.

Қарақалпақстан Республикасы Судында 27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы Камал Тарийхов, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы Әмир Нурлипесовлар баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин кәсиплик байрамы қутлықлап, олардың машақатлы ҳәм ийгиликли дөретиўшилик ислерине табыслар тиледи ҳәм Президентимиздиң басшылығында Суд уйымының ашық-айдынлығын тәмийинлеў жолындағы исленип атырған жаңаланыўларға өзлериниң унамлы пикирлерин билдирди.

Өткерилген илажда елимизде суд-ҳуқық тараўында ерисилип атырған әмелий нәтийжелерди, соның ишинде, әдил судлаў, инсанның ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў бағдарында республикамыздағы судлар тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларды кең жәмийетшиликке қалыс жеткериўдеги белсенди хызметлери ушын бир топар тараў пидайылары Қарақалпақстан Республикасы судының Миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықлады.







Өз гезегинде илаж қатнасыўшылары да өзлерине көрсетилип атырған бундай жоқары ҳүрмет ҳәм итибар ушын, шөлкемлестириўшилерге терең миннетдаршылық билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы