Баспасөз конференциясы байрамға уласып кетти

350

Қарақалпақстан Республикасы Автомобил жоллары бас басқармасында 2025-жылдың биринши ярым жыллығында орынланған жумыслар бойынша баспасөз конференциясы ҳәм 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Илажда басқарма баслықлары, тараў қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Әнжуманда бас басқарма баслығы Умрбек Матназаров шығып сөйлеп, 2025-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслар, атап айтқанда қурылыс-оңлаў жумыслары, Басламалы бюджет шеңбериндеги жойбарлар ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша көрилген илажлар ҳаққында толық мағлыўмат берди. Сондай-ақ, сәне мүнәсибети менен илажда қатнасқан ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин байрам менен қутлықлап, олардың  жумысларында табыслар тиледи.

Буннан кейин сораў-жуўаплар болып өтип, онда журналистлер өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўапкерлерден тийисли жуўаплар алды.

-Мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар қатарында жол қурылысы тараўында да унамлы өзерислер болмақта. Халықаралық жоллардан баслап, ең шетки аймақларға алып барыўшы жоллар, сондай-ақ, мәҳәллелердеги көшелерде де жаңаланыўлар әмелге асырылып, жоллар қурылып, қайта оңланбақта. Бул жүз берип атырған унамлы өзгерислердиң барлығын жарытып, халыққа жеткерип барыўда ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң орны, хызметлери айрықша. Бүгинги әнжуманда тараўдағы өзгерислер, орынланған ўазыйпалар, машқалалар  ҳәм әмелге асырылыўы лазым болған жумыслар ҳаққында сөз етилди. Алдағы ўақытларда да тараў ўәкиллери менен биргеликте ислесип, жумыс нәтийжелилигин көрсетип барыўға ҳәрекет етемиз,-дейди    Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы баспасөз хаткери Дильшодбек Жумамуратов.

Илаж даўамында 27-июнь Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қурал ўәкиллери байрамы мүнәсибети менен тараў ўәкиллерине байрам саўғалары менен дипломлар тапсырылып, олардың жумысларында табыслар тиледи.




Қарақалпақстан хабар агентлиги