Жоқары итибар ҳәм ҳүрметтиң айқын көриниси

Соңғы жыллары республикамызда халық хожалығының барлық тараўлары сыяқлы, транспорт тараўында да көплеген ири өзерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Атап айтқанда, халқымыздың мүшкилин жеңиллетиў мақсетинде, қала ҳәм аўылларымызға заманагөй жәмийетлик автотранспортлар алып келинип, аймақ турғынларына сапалы хызмет көрсетпекте. Темир жол ҳәм пуқаралық авиация саласында да жаңа жөнелислер ашылып, халық ушын кең имканиятлар жаратылмақта.
Тараўда жүргизилип атырған усындай өзгерис ҳәм жаңаланыўларды кең жәмийетшиликке таныстырыўда ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң ислеп атырған мийнети айрықша болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигинде 27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри Парахат Қайыпов баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин кәсиплик байрамы қутлықлап, олардың машақатлы ҳәм ийгиликли дөретиўшилик ислерине табыслар тилеп, бир топар тараў пидайыларын министрликтиң Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықлады.


Өз гезегинде журналист ҳәм блогерлерлер де өзлерине көрсетилип атырған бундай жоқары итибар ҳәм ҳүрмет ушын илаж шөлкемлестириўшилерине рахметлер айтып, алдағы ўақытлары да транспорт тараўында жүз берип атырған жаңаланыўларды ғалаба хабар қуралларында қалыс ҳәм оператив жәриялаўда аянбастан хызмет ететуғынлығын атап өтти.
-Соны айрықша айтып өтиўимиз керек, Қарақалпақстан телеканалы хызметкерлери транспорт тараўында жүз берип атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислерди жийи жәриялап келмекте,-дейди телеканал журналисти Ҳамийда Султамуратова.-Бул материаллар арасында тек мақтаў сөзлер менен емес, ал, аймақларда орын алып атырған машқалалар да сын көзқарастан жәмийетшиликке жеткерилмекте. «Сын дүзелмей, мин дүзелмейди» дегениндей тараў басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери журналистлердиң сәўлелендирген сын көрсетиўлерине өзлериниң тез мүнәсибетин билдирип, орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыўға ҳәрекет етпекте. Мине бүгин 27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир топар журналист-блогерлер сыяқлы, мени де ушырасыўға мирәт етип, байрамда хошаметлеп атыр. Буның ушын министрлик басшыларына өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен. Алдағы ўақытлары министрлик пенен усындай өз-ара бирге ислесиў даўам етеди деп ойлайман.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы