Миграция мәселелери додаланды

Россияның Санкт-Петербург қаласында нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша жумысшы топардың мәжилиси болып өтти.
Онда Россия ИИМ Миграция мәселелери бойынша басқарма баслығының орынбасары, полиция генерал-майоры Виталий Яковлев ҳәм Өзбекстан Республикасы ИИМ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бас басқармасы баслығының биринши орынбасары, полковник Шуҳрат Хўжаев қатнасты.
Тәреплер еки мәмлекеттеги миграцияға байланыслы жағдай, миграция нызамшылығына киргизилген ҳәм киргизилиўи режелестирилип атырған өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берди.
Россия Федерациясында болыў мүддетин бузған сырт ел пуқараларының ҳуқықый статусын тәртипке салыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Россия делегациясының ўәкиллери өзбекстанлы кәсиплеслерин бул бағдарда халық арасында мәлимлеме-түсиндириў жумысларын күшейтиўге шақырды.
Миграция нызамшылығын бузған ҳалда Россия аймағында болып турған сырт ел пуқаралары 10-сентябрьге шекем өз статусын тәртипке салыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.
Сөйлесиўлер барысында тәреплер сырт ел пуқараларына миграция қадағалаўын әмелге асырыў, соның ишинде, Мәмлекетлераралық мәлимлеме банкин өз ўақтында ҳәм сапалы толтырыў бойынша пикир алысты.
Жумысшы топардың кейинги биргеликтеги мәжилиси 2026-жылы Өзбекстанда өткерилиўи режелестирилген.
Азиза АЛИМОВА таярлады, ӨзА