Жас әўлад исбилерменлериниң жетискенликлери

309

Беруний районында жасайтуғын жас ҳәм қәбилетли исбилермен Нодирбек Атабаев бүгинги күнде өзиниң мийнети, күш-ғайраты ҳәм интакерлиги менен заманласларына өрнек болып келмекте.

Қытай мәмлекетинде билим алған ҳәм ол жерде заманагөй исбилерменлик тийкарларын терең өзлестирген Нодирбек ҳәзирги ўақытта өз елиниң раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта. Дәслеп қуяш панельлерин орнатыў арқалы экологиялық таза энергия дәреклерин үгит-нәсиятлаған болса, бүгинги күнде жумыс көлемин және де кеңейткен.

Жас исбилермен тәрепинен қала орайында шөлкемлестирилген хызмет көрсетиў орайы қысқа ўақыт ишинде халықтың итибарына ийе болды. Заманагөй талаплар тийкарында үскенеленген, ықшам ҳәм көркем бул орын тек ғана қолайлы хызмет көрсетиў емес, ал жаңа жумыс орынларының жаратылыўына да хызмет етпекте.

Бүгинги күнде бул жерде 5 жас турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Олар қарыйдарларға жоқары сапалы хызмет көрсетиўди мақсет еткен.

Қыят мәҳәллеси белсендилери, нуранийлар бул жаңадан ашылған орынға барып, жас исбилерменниң ис-ҳәрекетлерин жоқары баҳалады. Олар Нодирбек Атабаевтың жумысына пәтия берип, жасларға үлги болатуғын баслама сыпатында тән алды.

Бүгинги күнде бундай интакер, билимли ҳәм умтылыўшаң жасларға берилип атырған итибар нәтийжесинде мәҳәллелерде исбилерменлик орталығы қәлиплеспекте, халықтың бәнтлиги тәмийинленбекте ҳәм экономикалық белсендилик артып бармақта. Нодирбек Атабаев сыяқлы жаслар болса бул жолда жетекши сыпатында көзге тасланбақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги