Нәшебент тек ғана өзине емес, ал шаңарағына, жәмийетке үлкен зыян жеткереди

26-июнь – Халықаралық нәшебентликке қарсы гүресиў күни
Сарвар 25 жаста. Ол ата-анасының жалғыз перзенти. Сол себепли, ата-анасы оны жер-көкке исенбей өсирген. Мектепте барлық жолдаслары оған ҳәўес пенен қарайтуғын еди. Биринши рет 20 жасында дослары оған “бир мәртебе сынап көриўди” усыныс етеди. Сарвардың нәшеге бир мәртелик қызығыўшылығы оны 5 жыл азаплады. Психолог ҳәм шыпакерлердиң жәрдеми, ата-анасының қоллап-қуўатлаўы себепли ол денсаўлығын тикледи ҳәм наркотиктиң қармағынан қутылды.
Өмирде Сарвар сыяқлы жағдайға түсип, қараңғы көшеге кирип қалған, оның тәсиринен қалай қутылыўды билмей жүргенлер қанша! Нәшебент адам тек ғана өзине емес, ал шаңарағына, жәмийетке үлкен зыян жеткереди. Оның ақыбети жақсылық пенен тамамланбайды.
Хош, әсир обасы деп қаралатуғын бул бәлениң дузағынан пүткиллей қутылыў мүмкин бе? Буның ушын қандай илажларға сүйениў, кимлерден қандай жәрдем алыў зәрүр?
Нәшебентке айланған адам тек ғана өзине емес, ал шаңарақ ағзалары, әтираптағы жақынларына да зыян жеткереди. Бул зыян тек ғана материаллық емес, ал руўхый, әдеп-икрамлылық ҳәм социаллық жақтан да аўыр ақыбетлерге алып келеди.
Нәшебент адамның нерви жуқарған, шыдамсыз ҳәм руўхый турақсыз болады.
Сол себепли үйде жәнжеллер, зорлық көбейеди. Бул болса ерли-зайыплылар арасында ажырасыўға алып келеди. Ең аўыр тәрепи, нәшебент ата-ананың перзенти руўхый басым, қорқыныш ҳәм түскинликте өседи. Әтираптағылар да бундай шаңарақлардан узақ жасаўға ҳәрекет етеди.
Адамлардың нәшебенттиң баласы деген көзқарасы перзентлердиң келешегине унамсыз тәсир көрсетеди.
– Нәшебентлик затларын қабыл етиўге бейимлескен адамға ең биринши гезекте психолог жәрдеми зәрүр, – дейди психолог Нозима Носирова. – Психологлар көп тәкирарлайтуғын бир гәп бар: “Физикалық тазалықсыз пайда жоқ, бирақ руўхый тазалықсыз тиклениўге болмайды.” Бундай наўқасларға ең дәслеп, қарым-қатнасы ушын жаңа адамлар, шынығыўлар, имканият болса жасаў орнын өзгертиў усыныс етиледи.
Спорт, жүзиў, сүйикли намасын тыңлаў, тәбиятта көбирек сейил етиў, балалар менен ўақыт өткериў сыяқлы шынығыўлар оған жақсы жәрдем береди. Волонтёрлық та руўхый азапта жүрген инсанды ишки зорығыў, аўырыўлардан аз да болса шалғытады. Көпшилик нәшебентликтен қутылыў қыйын, деп ойлайды. Шыпакерлер болса оннан пүткиллей қутылыў мүмкин екенин исенимли түрде тәкирарлайды. Буның ушын бәринен бурын, наўқастың жақынларынан жағдайды жасырмай, дәрҳал шыпакерге алып барыў усыныс етиледи. Кеселлик қанша көп жасырылса, күшейип, они емлеў қыйынласады. Яғный наўқас пүткиллей нәшебентлик заттың қулына айланады. Сол себепли кеселликтиң ерте белгилерин сезген ўақытта-ақ наўқасты емлеў, оған жәрдем бериў, өмирин сақлап қалыў илажларын көриў керек.
Өзбекстанда нәшебентликке қарсы гүресиў ҳәм емлеў тараўында жумыс алып баратуғын наркология мәкемелери қурамында диспансерлер, реабилитация орайлары ҳәм реанимация бөлимлери бар. Ол жерде көплеген нарколог-шыпакерлер, психологлар жумыс алып барады. Оларға мүрәжат етип кеселликтен қутылыў жолларын излеў керек. Себеби нәшебентлик еми жоқ кеселлик емес.
Н.Раҳмонова, ӨзА