Халықтың әҳмийетли пикир-усыныслары

280

Мәҳәллелердеги машқалаларды үйрениў, олардың шешимин табыў мақсетинде тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, депутатлар тәрепинен орынларда ушырасыўлар өткерилмекте.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Руслан Джумамуратов Нөкис қаласындағы Жас аўлад мәкан пуқаралар жыйынында болып, мәҳәлле “жетилиги” менен ушырасты.

Илаж даўамында депутат тәрепинен елимизде нызамшылық тараўында жүз берип атырған өзгерислер ҳәм жаңалықлар, қабыл етилип атырған пәрман, нызам ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ушырасыўда “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша мәҳәлле “жетилиги” тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, пикир-усыныслар тыңланды.

Аймақта пуқаралар тәрепинен қыйтақ жерлеринен утымлы пайдаланыўы ҳәм көп қабатлы турақ жайлар алдындағы тереклерди суўғарыўы ушын ақаба суў менен тәмийинлеў бойынша мүрәжат билдирилди.

Сондай-ақ, банклер тәрепинен ажыратылып атырған барлық кредит түрлери бойынша тийисли қәнигелердиң қатнасыўында семинар шөлкемлестириў усынысы да берилди.

Депутат тәрепинен бул мәселелер тийисли тәртипте қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги