Қәнигелердиң потенциалын арттырыўда жаңа имканиятлар

230

Самарқандта өткерилип атырған БМШтың Мәмлекетлик хызмет форумы шеңберинде панель сессиялары болып өтти. Жасалма интеллект дәўиринде мәмлекетлик хызметлерди реформалаў мәселелери кең түрде додаланды.

 Илаж қатнасыўшылары санлы трансформация процесслерин жеделлестириў, пуқараларға және де жедел ҳәм ашық-айдын хызмет көрсетиў, сондай-ақ, жасалма интеллект имканиятларын мәмлекетлик басқарыўда нәтийжели қолланыў бойынша өз тәжирийбелери менен ортақласты.

Бул сессияда соңғы жыллары мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процесинде жасалма интеллект технологияларының орны ҳәм потенциалы тийкарғы итибар орайында болды.

Атап өтилгениндей, жасалма интеллект мәмлекетлик басқарыў механизмлерин түп-тийкарынан өзгертиў, соның ишинде, әпиўайы ҳәм тәкирарланатуғын ўазыйпаларды автоматластырыў, сондай-ақ, дәлиллерге тийкарланған қарарлар қабыл етиў ушын үлкен көлемдеги мағлыўматларды жыйнаў, таллаў ҳәм олардан пайдаланыўды жетилистириўде кең имканиятларды усынады. Буннан тысқары, жасалма интеллект мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм пуқаралар арасындағы қарым-қатнасты күшейтиў, хызметлердиң сапасын арттырыў және оларды халықтың индивидуал, әсиресе, социаллық жақтан әззи қатламларына бейимлестириўде әҳмийетли қурал болып хызмет етеди.

Қатнасыўшылар жасалма интеллекттиң қәўипсиз ҳәм әдил қолланылыўын тәмийинлеў ушын алгоритмлик бир тәреплемелик, мағлыўматлардың қәўипсизлиги, инсан ҳуқықларына ҳүрмет, есап бериў ҳәм ашық-айдынлық сыяқлы әҳмийетли принциплерди алға қойыў зәрүр екенлигин атап өтти. Атап айтқанда, мәмлекетлик қарарлардан тәсирленген пуқаралардың мүрәжат етиў ҳуқықы, түсиндириў ҳәм тартысыў механизмлери жолға қойылыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, сессия даўамында UNU-EGOV басламасы иске қосылғаны да жәрияланды. Онда санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов қатнасып, шығып сөйледи.

Министр өз сөзинде БМШ университети – UNU-EGOV пенен стратегиялық бирге ислесиўдиң жолға қойылып атырғаны электрон басқарыў тараўында заманагөй илимий-изертлеўлерди алып барыў, әмелий биргеликтеги жойбарлар, сондай-ақ, қәнигелеримиздиң потенциалын арттырыў ҳәм оларды таярлаў бойынша жаңа имканиятларды ашатуғынын атап өтти.

 

Нигора РАҲМОНОВА, ӨзА хабаршысы