Өзбекстан – Қазақстан: геология тараўында бирге ислесиўди күшейтпекте

Таў-кән санааты ҳәм геология министрлигинде Қазақстан Республикасы Қурылыс ҳәм санаат министриниң орынбасары Иран Шархан басшылығындағы рәсмий делегация менен ушырасыў болып өтти.
Онда тәреплер геология ҳәм кәншилик тараўларындағы өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, илимий-изертлеў бағдарларында тәжирийбе алмасыў ҳәм перспективалы биргеликтеги жойбарлар ҳаққында сөз етти.
Қазақстан делегациясы ағзалары Ташкент қаласында өткерилип атырған “Minex Central Asia 2025” форумы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин айрықша атап өтип, бул илаж Өзбекстанда геология ҳәм кәншилик тараўына қаратылып атырған итибар ҳәм әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың айқын көриниси екенин атап өтти.
Өз гезегинде, қабыллаўшы тәреп кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық қатнасықлары турақлы раўажланып атырғанын, соның ишинде, геология ҳәм кәншилик бағдарындағы бирге ислесиў потенциалын толық жүзеге шығарыў үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Сондай-ақ, онда биргеликтеги изертлеўлер, заманагөй технологияларды енгизиў, тәжирийбе арттырыў бағдарламалары ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық усыныслар алға қойылды.
Сапар шеңберинде қазақстанлы мийманлар Геология илимлери университетиниң жумысы менен жақыннан танысты. Онда университеттиң илимий лабораториялары, билимлендириў процесслери ҳәм халықаралық бирге ислесиў бағдарларына үлкен қызығыўшылық билдирилди.
Сондай-ақ, делегация “Геология музейи” мәмлекетлик мәкемесинде болып, ол жердеги бай минерологиялық коллекциялар, илимий экспозициялар ҳәм тараўдың тарийхый раўажланыўын сәўлелендириўши көргизбелерден үлкен тәсирлер алды.
Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, ушырасыў жуўмағында тәреплер геология ҳәм кәншилик тараўындағы бирге ислесиўди әмелий басқышқа алып шығыў, турақлы сөйлесиў ҳәм тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў бойынша келисип алды. Бундай сөйлесиўлер еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўде әҳмийетли фактор екени атап өтилди.
Н.ЗИЁДУЛЛАЕВА, ӨзА хабаршысы