Быйылғы қабыллаўда қандай өзгерислер бар?

240

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, журналистлер ҳәм блогерлер ушын 2025-2026-оқыў жылы ушын қабыллаў процесине арналған баспасөз конференциясы болып өтти.

Онда институт ректоры Қ.Қодиров быйылғы қабыллаў процесиндеги әҳмийетли жаңалықлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-майдағы «Жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыллаў ҳәм мәмлекетлик буйыртпаны жайластырыў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2024-2025-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелерине (кәсип-өнер мектеби буған кирмейди) қабыллаў бойынша имтиханлар «алдын тест, соңынан таңлаў» принципи тийкарында бир ўақытта өткерилиўи белгиленди.

Абитуриентлер өз таңлаўына бола тест сынағы нәтийжесинде топлаған балынан келип шығып, дәслеп жоқары билимлендириўдиң бакалавриат тәлим бағдарларына, соң кәсиплик билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын таңлаўда қатнасады.

Институт ректоры быйылғы жылы мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары бакалавриатына қабыллаў процеси 2 басқышта әмелге асырылатуғынлығы, айрықша қәбилет талап етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына қабыллаў ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар институттың өзинде, сондай-ақ, басқа тәлим бағдарлары бойынша тест сынақлары Билимди баҳалаў агентлиги тәрепинен ажыратылған орынларда өткерилиўи белгиленгенлиги, оларды шөлкемлестириў бойынша жоқары дәрежеде таярлықлар алып барылып атырғанлығын атап өтти.

Сондай-ақ, қабыллаў процесин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналарына әҳмийетли мәсләҳәтлер, ҳуқықый жол-жобалар, тараўдағы жаңалықлар ҳәм өзгерислер ҳаққында толық мағлыўмат бериў мақсетинде институтта қабыллаў комиссиясы ҳәм оның қурамында мәсләҳәт және колл-орайларының жумысы жолға қойылғанлығы, бул орайлар ҳәр күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем турақлы жумыс ислеп турғанлығы бойынша мағлыўмат берди.

Илажда қабыллаў процесиндеги жаңалықлар ҳәм өзгерислер ҳаққында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Илажда институт ректоры Қ.Қодиров барлық қатнасыўшы журналист ҳәм блогерлерди 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамы менен қутлықлады ҳәм дөретиўшилик жумысларында табыслар тиледи.

Байрам кешесинде мәмлекетимизде жоқары билимлендириў тараўында, соның ишинде, институтта әмелге асырылып атырған жумыслар, тараўдағы реформалардың нәтийжелерин халқымызға жоқары дөретиўшилик шеберлиги менен жеткерип бериўде аянбай хызмет етип атырған журналистлер, техникалық хызметкерлер, блогерлерге институт ректораты ҳәм кәсиплик аўқамы комитети арасында дүзилген жәмәәтлик шәртнама тийкарында байрам саўғалары ҳәм ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Өз гезегинде, дөретиўши кәсип ийелери байрам қарсаңында көрсетилип атырған усындай итибар ушын институт жәмәәтине миннетдаршылығын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги