Такафул – Өзбекстан халқын түрли қәўип-қәтерлерден қоргаўга қаратылған қамсызландырыў

БМШтың Раўажланыў бағдарламасы Өзбекстан Республикасы Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги менен биргеликте Ташкент қаласында “Такафулды әмелиятқа енгизиў” темасында тренинг шөлкемлестирди.
Тренингте қамсызландырыў базарын тәртипке салыўшы уйым, түрли мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм Өзбекстан қамсызландырыў тараўының ўәкиллери қатнасты. Тренингти өткериў ушын индонезиялы халықаралық эксперт Эрвин Ноэкман мирәт етилди.
Еки күн даўам еткен тренингте қатнасыўшылар Такафул модельлери, нормативлик-ҳуқықый ҳәм шәрият тийкарлары, шәртнама структуралары, операциялық структура ҳәм басқа темалар менен танысты.

– Такафул қамсызландырыўы Өзбекстан халқын түрли қәўип-қәтерлерден қорғаўға қаратылған болып, тараўды раўажландырыў ҳәм диверсификациялаўға хызмет етеди, – деди Агентлик қамсызландырыў базарын раўажландырыў басқармасының баслығы Отабек Ёқубов. – Соның ушын тренингте қатнасыў жергиликли қамсызландырыў базары ўәкиллери ушын жүдә пайдалы ҳәм әҳмийетли.
Тренинг Германия ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылған БМШ Раўажланыў бағдарламасының “Өзбекстанда қамсызландырыў қәўип-қәтерлерин қаржыландырыў (IRFF)” глобал жойбары тәрепинен қоллап-қуўатланды. Оның тийкарғы мақсети жойбарда қатнасып атырған мәмлекетлерди Өзбекстан қамсызландырыў базарын раўажландырыўда қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, қамсызландырыў сиясатын мәмлекеттиң экономикалық раўажланыў бағдарламасына интеграциялаў, инклюзив қамсызландырыўды раўажландырыў, суверен қәўип-қәтерлер, тәбийғый апатшылықлардан келип шығатуғын қәўип-қәтерлерди қаржыландырыў, қосымша инвестицияларды қамсызландырыўдан ибарат.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, Такафул өз-ара жәрдем ҳәм бирге ислесиўге тийкарланған, шәрият принциплери шеңберинде жумыс алып баратуғын ислам қамсызландырыў системасы есапланады. Бул кооперациялық система болып, онда қатнасыўшылар дәстүрий қамсызландырыў моделине сүйенбестен, белгили қәўип-қәтерлерге байланыслы бир-бирин қоллап-қуўатлаў ушын өз ресурсларын бирлестиреди.
Ш.Маматуропова, ӨзА