Экономикалық турақлылықты тәмийинлеўде халықаралық бирге ислесиў беккемленбекте

295

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров ҳәм Америка Қурама Штатларының  “Citi” банки қарыйдарлар бойынша  директоры Девид Ливингстон басшылығындағы делегация ағзалары арасында ушырасыў өткерилди.

Сөйлесиўлер ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиў қатнасықларын раўажландырыў, әмелге асырылған жойбарлардың нәтийжелерин баҳалаў ҳәм келешектеги тийкарғы бағдарларды белгилеў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, Өзбекстандағы экономикалық раўажланыў процесслери бойынша да пикир алысылды.

Ушырасыўда тәреплер бир қатар әҳмийетли мәселелерге айрықша итибар қаратты. Соның ишинде, Өзбекстанда алып барылып атырған социаллық ҳәм экономикалық реформаларды избе-из даўам еттириў, меншиклестириў процесслерин жеделлестириў, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды раўажландырыў ҳәм олардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға кең итибар берилди.

Сөйлесиў ўақтында электр тәмийнатының сапасын жақсылаў, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў сыяқлы жойбарларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Жеке меншик секторды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселеси де айрықша тилге алынды.

Сондай-ақ, халықаралық суверен рейтинг агентликлери менен бирге ислесиўди күшейтиў, Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесин қоллап-қуўатлаў ҳәм инфляция дәрежесин төменлетиў және экономикалық турақлылықты тәмийинлеў бағдарында тәжирийбе алмасыў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, бул банк АҚШтағы ең ири банклерден бири болып, ол Citigroup Inc. финанслық холдинг компаниясының қурамына киреди. Банк халықаралық көлемде финанслық хызметлер көрсетиўге қәнигелескен ҳәм дүньяның көплеген мәмлекетлеринде өз филиалларына ийе.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм жоқарыдағы бағдарларда турақлы сөйлесиўди даўам еттириўге келисип алды.

Н.Зиёдуллаева тайёрлади,

ӨзА