Филиалда баспасөз конференциясы өткерилди

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында 2025-2026-оқыў жылына Абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаўдың барысына бағышланған ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы болып өтти.
Баспасөз конференциясында Қабыллаў комиссиясының жуўаплы хаткери Азамат Примбетов ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине 2025-2026-оқыў жылы ушын абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаўдың барысы, филиалда бар ҳәм жаңадан ашылып атырған қәнигеликлер, сондай-ақ, кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардың болып өтетуғын орынлары, талабанларды баҳалаў критериялары, қандай абитуриентлерге кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.
Өз гезегинде журналистлер де бүгинги күни бул жоқары оқыў орнына абитурентлерди қабыллаў бойынша кең жәмийетшиликти қызықтырып жүрген мәселелер бойынша сораўлар берип, оларға жуўап алды.

Өткерилген илажда филиал директорының орынбасары Б.Утемуратов журналистлерди «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети қызғын қутлықлап, филиал жумысын кең жәмийетшиликке оператив түрде жеткериўде жақыннан жәрдем берип киятырған тараў пидайыларына Миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги