Онға шамалас мүрәжат сол жердиң өзинде унамлы шешилди

272

Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикаси басқармасының баслығы Сардар Урунбаевтың Кегейли районында көшпели қабыллаўы болып өтти.

Онда С.Урунбаев районлық кадастр жуўапкерлери менен биргеликте район турғынларының мүрәжатларын тыңлап, олардың машқалаларын нызамлы түрде унамлы шешиў мәселелери көрип шығылды.

Физикалық ҳәм юридикалық тәреплер жағынан жигирмадан аслам мүрәжат келип түскен болса, соннан онға шамалас мүрәжат сол жердиң өзинде унамлы шешилди ҳәм қалған мүрәжатларды көрип шығыў ушын жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

– Турақ жайымның шегарасын анықлап бериў бойынша мүрәжат етип едим, мүрәжатым шешилди кадастр хызметкерлери келип анықлық киргизип беретуғын болды,-дейди пуқара С.Нийетуллаев.

Ҳуқық белгилеўши ҳүжжет пенен жер алып едим. Соған  жайыма кадастр ҳүжжетин ислетейин деп бармаган жерим қалмады. Бүгинги қабыллаўда мүрәжат еттим. Жумысым питетуғын болды,-дейди Қ.Пердешов.

Халықтың кадастр тараўындағы машқалаларын тыңлаў ҳәм мүрәжатларын көрип шығыў мақсетинде өткерилип атырған илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги