Бес район ғәлле тапсырыў режесин артығы менен орынлады

328

Усы жылдың ғәлле тапсырыў мәўсиминде республикамыздың бир қатар районлары мәмлекетке ғәлле тапсырыў режесин артығы менен орынлады.

Әмиўдәрья районы бириншилерден болып режени толық ҳәм артығы менен орынлаған аймақ болды. Районда 11130 тонна ғәлле тапсырыў белгиленген болып, пидәкер дийқанлар ҳәм фермер хожалықларының тынымсыз ҳәрекети менен реже 117 процентке орынланды. Бул болса 13 мың тоннадан артық ғәлле жеткерип берилгенин аңлатады.

Ал, Елликқала районы дийқанлары да нәтийжели мийнет үлгисин көрсетип, белгиленген 8810 тонна орнына режени 106,6 процентке орынлады.

Беруний районы болса, тап усындай муғдарда, яғный 8810 тонналық режени 105,4 процентке орынлап, улыўма нәтийжеге салмақлы үлес қосты.

Тақыятас районы белгиленген 2635 тонна орнына режени 125 процентке орынлады.

Мойнақ районы да артта қалмады. Район өзине жүкленген режениң 101 процентин орынлаўға еристи. Бул жерде де мол зүрәәт алыў ҳәм оны өз ўақтында тапсырыў ушын барлық имканиятлар иске қосылды.

Шынында да, районларда мәмлекетке ғәлле тапсырыў процеси системалы ҳәм басқышпа-басқыш алып барылмақта. Бул жетискенликлер – мийнеткеш дийқанлар, пидәкер агрономлар, суўшылар ҳәм басқа да қәнигелердиң мийнетиниң нәтийжели жуўмағы болып есапланады.

Бул табыслар ғәлле жетистириўде аграр сиясаттың дурыс жолға қойылғанынан ҳәм фермер хожалықларына көрсетилип атырған әмелий жәрдемлерден дәрек береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги