Машқалалары әдил шешилген ел абат болады

270

Уллы ойшыл, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Мир Әлийшер Наўайы «Адамды қыйнап киятырған машқалалар әдил шешилип, оның қәдири өз орнына қойылса, әлбетте, ел шад, мәмлекет абат болады, деп жазған еди.

Ҳақыйқатында да адам мүнәсип шараятта тәлим-тәрбия алып, абадан турмыс кеширгенде ғана, жәмийет ҳәм мәмлекет биргеликте турақлы раўажланады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев «Инсан – мәмлекет ҳәм жәмийет ушын мақсетке ерисиў қуралы емес, керисинше, әне усы мақсеттиң бас мазмуны ҳәм дәреги және де ең жоқары қәдирият болыўы лазым.Бизлер қурып атырған Жаңа Өзбекстан ушын инсан қәдири ҳәм халық мәпи ҳәмме нәрседен үстин есапланады. Сонлықтан инсан қәдирин жоқарылатыў ҳақыйқатында да мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының Конституциялық миннети ҳәм баслы ўазыйпасы болыўы шәрт.»-деген еди.

Сол айтқанындай соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў бағдарында көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиздиң барлық аймақлары сыяқлы, Нөкис қаласындағы Бағшылық мәкан пуқаралар жыйынында да соңғы жыллары инсан-қәдирин жоқарылатыў бағдарында бурын тарийхта болмаған ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

-Жыйын аймағында бүгинги күни 517 хожалықта 2897 халық жасайды,-дейди жыйын баслығы Абзатдин Дәўлетов.-1977-78-жылларға шекем бул аймақ Нөкис районына қараслы болып, үйлер аўылдағы хожалықлар сыяқлы шашаў отырған. Соңынан аймақ Нөкис қаласына қосылғаннан кейин,  бул жерде хожалықлар саны көбейип, көплеген үйлер нызамсыз түрде салына берген. Ҳүрметли Президентимиздиң 2018-жыл 20-апрельдеги «Пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳәм де өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайларға қарата мүлк ҳуқықын тән алыў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясын өткериў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында, аймағымызда жасаўшы 434 хожалықтың кадастр ҳүжжетлери жаңадан ислеп берилди. Көшелер тәртипке келтирилип, Наўрыз, Абаданластырыў, Балықшы, Татыўлық, А.Қунназаров көшелери жаңадан асфальтланды. Сәўир, Қыпшақ, Бахытлы, Бағшылық, Шадлық, Туйық Сәўир көшелерине қум-шағыл тас араласпасы төселип, хожалықларға жаңадан ишимлик суўы тармақлары тартылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарары тийкарында, аймағымызда жасаўшы 32 хожалықтың жайларының төбелери шиферланып берилди.



-Буннан 20 жыл бурын өмирлик жолдасым қайтыс болып, үш балам менен қалған едим,-дейди Көмекбай Балтаниязов.-Соннан берли, үйдиң ғалма-ғалшылығы менен жайымызды шиферлай алмай киятырған едим. Мине, бүгин Ташкент қаласының қәўендерлиги ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң жәрдеми менен жайымызға жаңадан шифер қағып берилмекте. Буның ушын ҳүрметли Президентимизге, республика басшылары, қала ҳәкимлиги ҳәм жыйын ақсақалына үлкен рахмет айтаман.

Шынында да инсан қәдири ең жоқары қәдирият болған елимизде усындай ийгиликли ислер ҳәр күни әмелге асырылмақта. Бул болса, халқымыздың ертеңги күнге деген исенимин арттырып, оларды жаңа басламаларға қарай басламақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы