Өзбекстан ҳәм Монголия Биринши ханымларының ушырасыўы болып өтти

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Монголияға мәмлекетлик сапары шеңберинде Биринши ханым Зироат Мирзиёева ҳәм Монголия Президентиниң өмирлик жолдасы Лувсандорж Болорцэцэг ушырасыў өткерди.
Сөйлесиўде Өзбекстан Президентиниң Монголияға дәслепки сапары ҳәм оның шеңбериндеги жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларда жаңа басқышты баслап беретуғыны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Билимлендириў тараўындағы ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.
Соң Биринши ханымлар Улан-Батор қаласында жайласқан Чайжин-лама ибадатхана-музейине барды.
XX әсирдиң басларында қурылған бул комплекс тибет-монгол будда көркем өнериниң бийбаҳа естелиги болып есапланады.
Сапар етиў ўақтында Биринши ханымларға комплекстиң архитектурасы, онда сақланып атырған әййемги естеликлер, медицина дәстүрлерине байланыслы экспонатлар ҳәм тибет-буддалық нызамлар топламы ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Сондай-ақ, Зироат Мирзиёева музейдиң мәдений-ағартыўшылық жумысы, туризмди тартыўдағы роли ҳәм жас әўладты руўхый тәрбиялаўдағы әҳмйиети менен танысты.
ӨзА