Исбилерменлик ҳәм жаңа имканиятлар

306

Өзбекстанда экономикалық раўажланыўда исбилерменлер әҳмийетли рол атқарады. Кейинги жыллары олар ушын жаратылып атырған қолайлықлар менен имканиятлар нәтийжесинде жергиликли брендлер халықаралық базарларда өз орнын таппақта. Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў болса турақлы раўажланыўды тәмийинлейди.

Жақында Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Т.Нурметов Беруний районындағы исбилерменлер менен сәўбет өткерди ҳәм олардың машқалаларын үйренди. Ушырасыўдан соң ол Тоқымашы мәҳәллесинде жайласқан “Олтин саодат асри” ЖШЖның жумысы менен танысты. Бул кәрхана 2019-жылдан берли қурылыс материалларын ислеп шығарыў менен шуғылланбақта. Ҳәзирги ўақытта оның өнимлери тек ғана жергиликли емес, ал басқа да аймақларға да жеткерип берилмекте. Сондай-ақ, кәрхана 40 тан аслам жумыссыз пуқараны жумыс пенен тәмийинлеген.


Кәрхана басшысы жумысын кеңейтиў мақсетинде Президенттиң 10-санлы пәрманы тийкарында Тоқымашы мәҳәллесинде 0,09 гектар жерди инвестиция киргизиў шәрти менен ажыратып бериў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине мүрәжат етти. Ҳәзирги ўақытта бул мәселе бойынша ўйрениў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги