Депутатлар  медицина мәкемелериниң жумысын үйренбекте

298

Атап айтқанда, ӨзЛиДеПтен Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесине сайланған  депутатлар  Шараф Сапаров, Мунира Матмуратова, ӨзЛиДеП Қоңырат районлық Кеңесиниң аппарат баслығы Гүлжан Иембергенова  ҳәм медицина тараўы ўәкиллериниң қатнасыўында дүзилген жумысшы топар райондағы жеке меншик медицина мәкемеси болған ” KARDIO-KUNGRAT ” клиникасының жумысы менен жақыннан танысты.

Бул медицина мәкемеси МРТ, УЗД, ЭКГ, ЕхоКГ, Холтр ЭКГ, лаборатория, физиотерапия, стационар кардиология, балалар терапиясы ҳәм стоматология қәнигеликлери бойынша жумыс алып бармақда.

Гүлистан Юлдашова  басшылығында жумыс алып барып атырған клиника 20 орынға ийе болып, ҳәзирги ўақытта 20 наўқас емленбекте. Клиникада халыққа 4 жоқары мағлыўматлы шыпакер, 5 орта медицина мийирбийкеси ҳәм 1 санитар қәнигелер хызмет көрсетип келмекте.

Орай капитал оңланғаны, заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленгени, қәнигелердиң маманлығын арттырыў, медициналық хызмет сапасын жақсылаў бағдарында итибарға ылайық жумыслар әмелге асырылғаны нәтийжесинде район халқына нәтийжели хызмет көрсетип келмекте.

Депутатлар басшылығындағы жумысшы топар ағзалары үйрениў процесинде орайдағы жумыс процесслери, кеселликлерге шатылған наўқаслар менен ислесиў, медицина хызметкерлериниң өз жумысына мүнәсибети, жуўапкершилиги менен жақыннан танысты. Наўқаслар менен тиккелей сәўбетлер өткерилди. Наўқаслар кеселликлерди ерте анықлаў, нәтийжели емлеў ҳәм профилактикасы бойынша орайда әмелге асырылып атырған жумыслардан миннетдар екенлигин билдирди.

– Клиника имаратының бейимлестирилгени, заманагөй ҳәм алдынғы медициналық үскенелер менен тәмийинленгени, ең әҳмийетлиси, наўқаслар ушын зәрүр қолайлы шараятлар жаратылғаны итибарға ылайық,-дейди Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң депутаты, Қоңырат темир жол емлеўханасының бас шыпакери Шараф Сапаров. Себеби алдын бундай аппаратқа түсиў ушын қоңыратлы наўқаслар пайтахтқа барған. Енди оған зәрүрлик қалмады, наўқаслар жүрек-қан тамыр кеселлиги емлениўин усы жердиң өзинде алыўы мүмкин. Буннан әлбетте, район халқы, наўқаслар, шыпакерлер оғада қуўанышлы.

Клиникада табыслар менен бир ўақытта айырым машқалалар да жоқ емес.  Жеке меншик клиника баслығы Г. Юдашованың айтыўынша, заманагөй аппаратлар жоқары қуўатлылықтағы электр қуўатлылығын талап етеди. Сол себепли клиникаға трансформатор орнатыў зәрүр екенлиги айтып өтилди. Сондай-ақ, исбилермен  қосымша үскенелер сатып алыў ҳәм жумыс түрлерин кеңейтиў мақсетинде қосымша жеңиллетилген кредит алыў тилегин билдирди.  Депутатлар бул мәселени унамлы шешиў бойынша жуўапкерлерге мүрәжат ететуғын болды.

Кеселликти емлегеннен көре алдын алыў мақсетке муўапық. Сол себепли депутатлар шыпакерлерге халықтың медициналық мәдениятын арттырыў бойынша усыныслар берди.

Депутатлар басшылығындағы жумысшы топар орынларда үйрениў жумысларын даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги