Әмелий илажларға итибар күшейтилмекте

Әмиўдәрья районында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әҳмийетли мәжилис шөлкемлестирилди. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы Б.Матмуратов қатнасып, темаға байланыслы толық баянат жасады.
Мәжилисте Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм район ҳәкиминиң орынбасарлары, депутатлар, мәҳәлле баслықлары ҳәм ҳәким жәрдемшилери де белсене қатнасты, – деп мағлыўмат береди Әмиўдәрья районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.
Жуўапкерлер тек ғана мәжилис шеңберинде емес, ал әмелде де коррупцияға қарсы гүресиў жағдайын үйрениўге айрықша итибар қаратты. Атап айтқанда, 36-санлы улыўма билим бериў мектебинде, Бойовул мәҳәллеси ҳәм районлық медицина бирлеспесинде болып, мәмлекетлик хызметлердиң ашық-айдынлығы, мүрәжатлар менен ислесиў тәртиби ҳәм ишки қадағалаў системасының нәтийжелилиги сыяқлы әҳмийетли тәреплери ҳәр тәреплеме талланды.

Бундай илажлар коррупцияға қарсы гүресиўде әмелий қәдемлер сыпатында үлкен әҳмийетке ийе ҳәм жәмийетте ашық-айдынлықты беккемлеўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги