Кең көлемли ислер әмелге асырылмақта

289

2025-жылғы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 665-санлы қарарына муўапық, Беруний районындағы ишки жолларды сақлаў ҳәм оңлаў жумыслары кең көлемде әмелге асырылмақта. Усы қарар шеңберинде районның түрли мәҳәлле ҳәм көшелеринде жәми 8,3 километр ишки асфальт жолларды оңлаў режелестирилген.

Бүгинги күнде усы жол оңлаў бағдарламасының бир бөлеги сыпатында Серқуюш көшесиндеги асфальт қапламасында оңлаў жумыслары жедел алып барылмақта. Бул илажлар жергиликли халық ушын жол ҳәрекети қәўипсизлигин арттырыў, транспорт қуралларының үзликсиз ҳәрекетлениўин тәмийинлеў ҳәм улыўма инфраструктураны және де жақсылаўға қаратылған.

Келешекте бул жоллар район халқы ҳәм мийманлары ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениў орталығын жаратыўға хызмет етеди. Бул болса жергиликли экономикалық ҳәм социаллық жумыслардың раўажланыўына унамлы тәсир көрсетеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги