ҒМДАның стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў бойынша мәмлекетлераралық Кеңесиниң мәжилиси болып өтти

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамының стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў бойынша мәмлекетлераралық Кеңесиниң 67-мәжилисине Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң директоры Акмал Жуманазаров басшылығындағы делегация ағзалары қатнасты.
Халықаралық ушырасыўда Кеңес қурамына ағза миллий уйымлардың басшылары ҳәм экспертлери, ҒМДА Атқарыў комитети, Стандартлар бюросының ўәкиллери тәрепинен стандартластырыў, метрология, сертификатластырыў ҳәм аккредитация тараўларының жумысын жетилистириўге байланыслы мәселелер додаланып, пайдалы қарарлар қабыл етилди.

Сондай-ақ, илимий-техникалық ҳәм саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў, саўдадағы техникалық тосқынлықларды сапластырыў, жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў ҳәм ағза мәмлекетлер арасында өз-ара пайдалы байланысларды кеңейтиў мәселелерине итибар қаратылды.

Абырайлы илаж шеңберинде Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги директоры А.Жуманазаров Беларусь Республикасы Мәмлекетлик стандарт комитетиниң баслығы Моргунова Елена Михайловна менен де ушырасыў өткерди. Онда саўдадағы техникалық тосқынлықларды сапластырыў, экспортшы кәрханаларға өнимлерди сынақтан өткериў ҳәм сертификатластырыў мәселелеринде қолайлы шараятларды жаратыўға итибар қаратылды.

Ушырасыў нәтийжесине бола, техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, метрология, сертификатластырыў, аккредитация, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм базар қадағалаўы тараўларында кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўға келисип алынды.

Мәжилис шеңберинде уллы ойшылларымызға бағышланған китаптың презентациясы да болып өтти. Онда “Метрология раўажланыўына салмақлы үлес қосқан уллы Шығыс ойшыллары” ҳәм Әлийшер Наўайы шығармаларында алға қойылған илимий ҳәм философиялық көзқараслар, терең аналитикалық қатнаслардың анық дәреклерге сүйенгенлиги ҳәм бул китаплар оқыўшының ой-пикирин байытыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Ш.Маматуропова,
ӨзА