Астанада “Қытай – Орайлық Азия” мәлимлеме агентликлери форумы болып өтти

Қазақстан пайтахты Астана қаласында Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери мәлимлеме агентликлериниң форумы болып өтти. Илажда “Синьхуа” мәлимлеме агентлиги, Қазақстан Республикасы Президенти телерадиокомплекси, Қырғызстанның “Кабар” миллий мәлимлеме агентлиги, Тәжикстанның “Ховар” миллий мәлимлеме агентлиги, “МЕDIА ТURKMEN” мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзАның басшылары қатнасты.
Форумға басшылық еткен “Синьхуа” мәлимлеме агентлигиниң бас директоры Фу Хуа Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинь ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери жетекшилериниң биргеликтеги ҳәрекетлери нәтийжесинде өз-ара байланысларда жаңа тарийхый имканиятлар ҳәм перспективалар ашылғанын айрықша атап өтти. Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери мәлимлеме агентликлерине “Орайлық Азия-Қытай руўхы”н алға қойыў, регионның жедел раўажланыўына жәрдемлесиў, улыўма тарийхымызды биргеликте үгит-нәсиятлаў, Қытай ҳәм Орайлық Азия арасындағы гуманитарлық алмасыўлар ҳәм цивилизацияларды өз-ара үйрениўге жәрдем бериў, инновациялар және медиатехнологиялар тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў, мәлимлеме агентликлери арасындағы шерикликти кеңейтиў, Қытай ҳәм Орайлық Азияның улыўмалық тәғдирге ийе жәмийетин жаратыўға үлес қосыў сыяқлы ўазыйпалар жүкленген.
Орайлық Азия мәмлекетлери мәлимлеме агентликлериниң жуўапкер ўәкиллери бул әнжуман өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли роль атқаратуғынын атап өтип, Қытай ғалаба хабар қураллары, соның ишинде, “Синьхуа” мәлимлеме агентлиги менен өз-ара алмасыўлар ҳәм бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, биргеликте “Орайлық Азия-Қытай руўхы”н үгит-нәсиятлаў, цивилизацияларды өз-ара үйрениўди алға қойыў ҳәм улыўма абаданлыққа ерисиўге өз үлесин қосыўға таяр екенин билдирди.
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры Абдусаид Кўчимов ғалаба хабар қураллары еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти. Бул форум даўамында Орайлық Азиядағы ҳәм Қытайдағы медиа шериклер өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм улыўма қәўип-қәтерлерди сапластырыў жолларын додалаў ушын бир майданда жыйналды.
Форум қатнасыўшылары бүгин дүнья үлкен өзгерислерди басынан өткерип атырғаны, жалған хабарлар тарқатыў менен байланыслы түрли машқалаларға дус келип атырғанына итибар қаратты. Усы көзқарастан, Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң ғалаба хабар қураллары регионда тынышлық ҳәм абаданлықты тәмийинлеў мақсетинде қолайлы мәлимлеме мәканын жаратыў ушын мәлимлеме алмасыўы, жаңалықларды тарқатыў ҳәм технологиялық инновацияларды алға қойыў тараўында өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бағдарында ҳәрекетлерди бирлестириўи зәрүр.
Қазақстан Республикасы Президенти Телерадио комплексиниң бас директоры Раушан Кажибаева табыслы өткен “Қытай – Орайлық Азия” II саммити Қытай ҳәм регион мәмлекетлери арасындағы қатнасықларды раўажландырыў бағдарын белгилеп бергенин атап өтти. Бул әнжуман жақын қоңсышылық, беккем дослықтың айқын үлгиси болды. Ғалаба хабар қураллары болса саммит шеңберинде ерисилген нәтийжелерди қоллап-қуўатлаўы ҳәм оларды турмысқа енгизиўге жәрдемлесиўи керек.
Қырғызстанның “Кабар” миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры Медербек Шерметалиев “Бир мәкан, бир жол” басламасы өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа шеклерин ашқанын айрықша атап өтти. Мәлимлеме алмасыў ҳәм нәтийжели бирге ислесиў барлық тәреплердиң қалыс, ҳақыйқый ҳәм толық көринисин қәлиплестириўге имканият береди.
Тәжикстанның “Ховар” миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры Субҳиддин Шамсиддинзаданың сөзлерине бола, мәмлекетлеримиз ғалаба хабар қураллары үлкен нәтийжелерге еристи. С.Шамсиддинзада тәреплер буннан кейин де коммуникациялар тараўында кадрларды таярлаў, жоқары оқыў орынлары арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм креатив бағдарларды раўажландырыў мәселелери бойынша өз-ара пикир алысыўына исеним билдирди.
“МЕDIА ТURKMEN” мәлимлеме агентлигиниң бас директоры Бекдурди Амансариев барлық тәреплер мәлимлеме тараўында ҳүрмет, теңлик ҳәм өз-ара мәпке тийкарланған бирге ислесиўди жолға қойыўда үлги болыўы керек екенлигин, жаңа технологиялар ғалаба хабар қураллары арасындағы бирге ислесиў мәканын кеңейткенин атап өтип, жаңа медиа тараўындағы бирге ислесиў беккемлениўине ҳәм санлы трансформация процесслери жеделлесиўине үмит блдирилди.
Форум жуўмағында Астана консенсусы қабыл етилди.
ӨзА