Газ тармақлары модернизацияланбақта

Тутыныўшыларға тәбийғый газ жеткерип бериўди еле де жақсылаў ҳәм газ тармақларында газ шығынларын азайтыў мақсетинде «Паркент тәжирийбеси» тийкарында «Автоматластырылған мәҳәлле тутыныў қадағалаўы балансы» жойбары бойынша республикамызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Усы тәжирийбени сынаў мақсетинде Әмиўдәрья районындағы тәбийғый газ тутыныўшыларына көрсетилип атырған хызметтиң сапасын еле де жақсылаў, хожалықларға бир тегис тәбийғый газ жеткерип бериў ҳәм тәбийғый газде артықша техникалық шығынлардың алдын алыў мақсетинде “Арна бойы” мәҳәллесинде “Паркент тәжирийбеси” тийкарында жумыслар алып барылды.
– Аймақтағы 503 хожалық толығы менен еки басқышлы системаға өткерилип, аймақтағы 18,7 километрлик жер асты ҳәм жер үсти газ тармақлары тәртипке келтирилди,-дейди Әмиўдәрья районлык газ тәмийнаты бөлиминиң бас инженери Санжар Рахимбаев.
Сондай-ақ, газ тәмийнатында артықша техникалық шығынлардың алдын алыў, газ тармақларындағы газ шығыў жағдайларын сапластырыў, тутыныўшыларға бир тегис тәбийғый газ жеткерип бериўге де айрықша дыққат қаратылған. Және бул аймақтағы мәҳәллелердеги хожалықларға жойбар шеңберинде газ тәмийнаты системасы түп-тийкарынан жаңаланып, ҳәр бир хожалыққа заманагөй энергия үнемлеўши газ үскенелери, газ есаплаў үскенелерине регуляторлар орнатылып үш басқышлы системадан еки басқышлы системаға өткерилди.
Мәҳәллениң кире берисиндеги газ ретлеўши пунктке газ есаплағыш орнатылып, барлық көшелерге қадағалаў системасы жолға қойылды.

Бул автоматластырылған мәҳәлле тутыныў қадағалаўы балансы системасының иске түсирилиўиниң тийкарғы мақсети – жыллық газ шығынларының алдын алыў, сондай-ақ, тутыныўшыларға жеткерип берилетугын тәбийғый газ тәмийнатын және де жақсылаўдан ибарат.
Бул бағдардағы илажлар орынларда даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги