Қәўендерлик ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси

277

Соңғы жыллары елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы, Нөкис қаласы Өрнек мәкан пуқаралар жыйыны аймағында да көплеген жаңаланыўлар жүз бермекте. Аймақтағы ишки жоллар оңланып, жаңадан ишимлик суўы тармақлары тартылды.

-Жыйын аймағында 743 хожалықта 2700 ге шамалас халық жасайды,-дейди жыйын баслығы Хамид Қусбатыров.-Елатымызда қарақалпақ, өзбек, қазақ, рус, корейс, татар, қырғыз ҳәм түркмен миллетиниң ўәкиллери жасап, өз-ара аўызбиршилик пенен тыныш-татыў турмыс кеширмекте.

Ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 23-сентябрьдеги 330-санлы қарары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарары тийкарында, өткен жылдың өзинде Қоблан көшеси асфальтланған болса, Шылпық, Қутлы ел, Қосбатыр, А.Мусаев, Ж. Изентаев ҳәм Тынышлық көшелери бетонланды.  Қосбатыр, А.Мусаев, Қутлы ел, Ерназар бий палўан көшелерине ишимлик суўы тармақлары тартылды.

Жыйын хызметкерлериниң қолайлы шараятларда жумыс ислеўи ушын Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң қәўендерлиги менен мәкан пуқаралар жыйынына жаңадан имарат салып берилди.

Аймағымызда жасаўшы еки пуқараға жаңадан жай салынып берилди.


-Бурынғы жайымыз тозып, төбесинен қар-жаўын өтип кететуғын еди,-дейди Жүзимгүл Рустемова.- Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде 4 қабатлы, барлық қолайлықларға ийе жаңа турақ жай салып берилди. Буның ушын ҳүрметли Президентимизге терең миннетдаршылық билдиремен.

Шынында да өзлерине көрсетилип атырған усындай аталарша ғамқорлықларға кеўли толған аймақ халқының қуўанышында шек жоқ. Олар ертеңги күнге беккем исеним менен қәдемлер тасламақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы