Ғаўашаның тәрбиясы кешиктирилмеўи зәрүр

327

Қарақалпақстан Республикасы бойлап ғаўашаны шылпыў (чеканка) процесслерине арналған көргизбели ҳәм әмелий семинарлар өткерилмекте. Елликқала районындағы “Сахтиён азамати” фермер хожалығы аймағында ғаўашаны шылпыў (чеканка) процесслерине бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Тешаев, район ҳәкими, аўыл хожалығы тараўының қәнигелери, тийисли шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм фермер хожалықларының басшылары қатнасты.

Семинар даўамында қатнасыўшылар ғаўаша тәрбиялаўдың әҳмийетли агротехникалық басқышларынан бири – шылпыў усылларын әмелиятта бақлап, олардың абзаллықлары менен жақыннан танысты. Бизге белгили, шылпыў зүрәәттиң ерте ҳәм бир қәлипте писиўин тәмийинлейтуғын әҳмийетли агротехникалық илаж болып, ол өнимдарлықты арттырыў ҳәм өнимниң сапасын жақсылаўда айрықша әҳмийетке ийе.

Семинар даўамында қатнасыўшылар тәрепинен билдирилген сораўларға қәнигелер тәрепинен толық жуўап берилип, әмелий усыныслар билдирилди.

Усы мазмундағы семинар “Төрткүл пахта талшығы” ЖШЖ дәншилик кластери атызларының биринде де өткерилип, онда заманагөй агротехнологияларды енгизиў, фермерлерге теориялық ҳәм әмелий билимлер бериў тийкарғы мақсет болды. Семинар даўамында шылпыў процесин дурыс өткериў, өсимликтиң бийиклигин анықлаў, зыян жеткермей қайта ислеў бойынша көрсетпелер берилди. Фермерлер өз-ара тәжирийбе алмасыў имканиятына да ийе болды.

Беруний районындағы Абай аўыл пуқаралар жыйынындағы “Ниятулла Азизбек” фермер хожалығы атызларында ҳәм Әмиўдәрья районындағы “Толқын” аўылында жайласқан “Амат Тўраев” фермер хожалығында өткерилген семинарларда да Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Тешаев, район басшылары, аграр тараўы қәнигелери, агрономлар ҳәм жас қәнигелер қатнасты.

Фермер хожалығындағы қатнас – тамыр әтирапын жумсартыў, артықша шақаларын сийреклетиў, зыянкеслерге қарсы биологиялық гүресиў сыяқлы агротехникалық илажлар семинар қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты.

Бул семинарлар арқалы фермерлер тек ғана әмелий билимлерин беккемлеп, алдынғы усылларды үйренип қалмастан, ал өз-ара тәжирийбе алмасыў, мәселелерди талқылаў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў бойынша анық бағдарлар алды. Бундай басламалар аймақларда аўыл хожалығының нәтийжелилигин арттырыў, өнимдарлықты көбейтиў ҳәм турақлы раўажланыўға хызмет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги