Мийнет келиспеўшиликлери менен байланыслы көрилген ислер талқыланды

334

Қарақалпақстан Республикасы судының басламасы менен мийнет қатнасықлары тараўында жүзеге келип атырған келиспеўшиликлерди ҳуқықый тийкарда шешиў, бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириў ҳәм кәрхана, мәкеме, шөлкемлердеги мийнет келиспеўшиликлериниң алдын алыў мақсетинде әмелий оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Илажда тийисли министрликлер, мәмлекетлик шөлкемлер, ишки ислер уйымлары ҳәм судьялар белсене қатнасты.

Семинарды Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары, пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы А.Керимбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Оқыў-семинарының тийкарғы мақсети – жаңа Мийнет кодексинде белгиленген нормалардың дурыс қолланылыўын тәмийинлеўден ибарат.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы С.Қайпназарова “Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексинде белгиленген мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкарлаў тәртиби” атамасында шығып сөйлеп, баянат шеңберинде жумыс бериўшиниң басламасы менен шәртнаманы бийкарлаўдағы ҳуқықый тийкарлар, суд әмелиятындағы қәте жағдайлар ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслар берди.

Илажда судья Н.Абдакимов тәрепинен болса “Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-ноябрьдеги ПҚ-3413-санлы қарары менен тастыйықланған “Ишки ислер уйымларында хызметти өтеў тәртиби ҳаққында”ғы Режениң әҳмийети” атамасында шығып сөйлеп, хызметти өтеў, тайынлаў, аттестация, дем алыс ҳәм ҳуқықый қорғаў механизмлери ҳәр тәреплеме талланды.

Сондай-ақ, семинарда мийнет шәртнамаларын бийкарлаўдағы ҳуқықый талаплар, суд әмелиятындағы жумысқа тиклеў жағдайлары, ишки ислер уйымларында хызмет көрсетиў менен байланыслы мийнет қатнасықлары, хызметкерлердиң ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеўдиң әмелий механизмлери сыяқлы әҳмийетли мәселелер де көрип шығылды.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар мийнет қатнасықлары тараўындағы жаңалықлардың әмелиятқа енгизилиўи бойынша пикир алысты. Суд әмелиятын жетилистириў, хызметкерлер ҳәм жумыс бериўшилер арасындағы келиспеўшиликлердиң алдын алыў, сондай-ақ, бундай семинарларды турақлы түрде өткериў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Бул илаж мийнет тараўында ҳуқықый саўатлылықты арттырыў, әмелиятта ушырасатуғын келиспеўшиликлердиң алдын алыў, ҳуқықый шешимлерди үгит-нәсиятлаўда үлкен әҳмийетке ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги