Жақын арада таяр боян тамыры экспортқа шығарылыўы күтилмекте

319

Боян тамырының қурамы пайдалы элементлерге бай болып, ол фармацевтика тараўында кеңнен қолланылып келинбекте.  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  2019-жыл 15-февралдағы «Боян тамыры  ҳәм басқа да дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм санаат усылында қайта ислеўди нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» ғы қарары тийкарында республикамызда бул өнимди жетистириў, жыйнаў ҳәм экспорт етиў бағдарында көлемли жумыслар алып барылмақта.

Республикамызда боян тамырын жыйнаў ҳәм оны қайта ислеп, таяр өнимди экспортқа шығарыўға итибар қаратылмақта.  Усы бағдарда Тақыятас районында инвестиция тийкарында «Licorice Trade expo ” жуўапкершлиги шекленген жәмийети тәрепинен улыўма баҳасы 3,9 млрд сум  болған боян тамырын қайта ислеў  жойбары иске түсирилиўи нәтийжесинде  таяр өнимди экспортқа шығарыў жумыслары алып барылмақта.  Ҳәзирги ўақытта кәрханада қытайлы инвесторлар тәрепинен технологиялар алып келинип, инженерлер тәрепинен оны қурыў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, бул жерде ҳәзир жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленип, олар қол мийнети менен боян тамырын сайлап алыў  ҳәм тазалаў жумысларын алып бармақта.



-Бул жерге жумысқа өткениме көп ўақыт болғаны жоқ. Жумыссыз, үй бийкеси едим. Жумыс пенен тәмийинленгеним ушын қуўанышлыман. Ис ҳақыларымызды ўақтында алып турмыз. Кәрхана толық иске түссе еле де көплеген ҳаял-қызлардың жумыс пенен тәмийинлениўи күтилмекте,-дейди бригадир Базаргүл Бабаева.

Кәрханада қызғын жумыс барысы көзге тасланды. Жақын арада технологиялар иске түсип, толық жумыс басланса Тақыятастан таяр боян тамыры экспортқа шығарылыўы күтилмекте. Демек, бул дегени экономикада елимиздиң және бир районынан сырт ел базарына және бир жол ашылады.

Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы

Мақсет Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери