Бәсеки комитети пуқаралық жәмийети институтлары менен бирге ислесиўди күшейтпекте

192

Бүгинги күнде Өзбекстанда мәмлекетлик уйымлардың жумысында ашық-айдынлық ҳәм жәмийетшиликтиң қатнасын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Мине, усындай әҳмийетли басламалардан бири Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен пуқаралық жәмийети институтлары менен бирге ислесиў күшейтилгени болып есапланады. Бул бирге ислесиў тараўдағы реформаларды және де нәтийжели ҳәм ашық-айдын етиўге хызмет етеди.

Усындай қатнаста реформаларды алып барыўға Президентимиздиң “2021-2025-жылларда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы ҳәм “Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманлары баслы бағдар болмақта. Ҳәр еки пәрманда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша медициналық хызметлер тараўында тутыныўшылардың белгисиз шеңбердеги ҳуқықларын қорғаў, тараўлық нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў ҳәм көрсетилип атырған хызметлердиң тийкарын баҳалаўға қаратылған бир қатар социаллық жойбарларды әмелге асырыў бойынша Бәсеки комитети тәрепинен социаллық буйыртпалар қәлиплестирилди.

Бул социаллық жойбарлар арқалы медицина тараўында халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын үйрениў, пуқаралардың ҳуқықлары тәмийинленип атырған дәрежесин таллаў, сондай-ақ, бул хызметлердиң нызамшылыққа муўапықлығын қалыс баҳалаўға қаратылған илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Усы басламалар шеңберинде Өзбекстан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы ҳәм Ташкент қалалық тутыныўшылардың мәплерин қорғаў орайы тәрепинен ислеп шығылған алдынғы социаллық шериклик жойбарлары Комитет тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Әмелге асырылып атырған бул жойбарлар, пуқараларға көрсетилип атырған медициналық хызметлерде ашық-айдынлықты тәмийинлеў тутыныўшылардың мәплерин қорғаўда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў ҳәм тараўға байланыслы ҳуқықый сананы арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары арасындағы бирге ислесиўдиң турақлылығы ҳәм социаллық жойбарлардың табысы мәмлекетте социаллық турақлылықты тәмийинлеўге, халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға ҳәм глобал бәсекиге шыдамлылықты күшейтиўге үлкен үлес қосады.

 

ӨзА