Беруний районында гезектеги семинар өткерилди

280

Беруний районындағы Абай аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Ниятулла Азизбек” фермер хожалығы атызларында ғаўашаларды тәрбиялаўдың әҳмийетли басқышларының бири болған шылпыў (чеканка) илажларын сапалы шөлкемлестириў бойынша әмелий семинар болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелерине бойынша орынбасары Ш.Тешаев қатнасты.

Семинар даўамында жетекши агрономлар ҳәм тәжирийбели фермерлер тәрепинен ғаўашаның вегетациялық дәўиринде өткерилетуғын шылпыў жумысларының агротехникалық тийкарлары, бул процестиң өнимдарлыққа тиккелей тәсири, сондай-ақ, жергиликли шараяттағы ең нәтийжели усыллар ҳаққында  мағлыўматлар берилди.

Бул семинар тек ғана тәжирийбе алмасыў майданына емес, ал аймақтағы басқа  фермер хожалықлары ушын да алдыңғы усылларды үйрениў имканиятына айланды.

Семинарда фермерлердиң пидәкерли мийнетлери жоқары баҳаланып, аўыл хожалығында нәтийжелиликти арттырыў ушын бундай семинарларды өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги