Халықаралық дайджест

Украина президенти Владимир Зеленский АҚШтың 22-июнь күни Ирандағы ядро объектлерине берген соққысын мақуллады. Сиясатшы Россия Украина аймақларын Иранның Шаҳед дронлары менен нышанаға алып атырғанын еслетип өтти.
Украина аспанына Шаҳед дронларының жаңа толқынлары жаўмақта. Россия бундай қуралларды қай жерден алғанын ҳәммемиз жақсы еслеймиз. Иранның Россияны қоллап-қуўатлаў бойынша қарарлары мәмлекетимиз ҳәм басқа да көплеген мәмлекетлер ушын үлкен бүлгиншилик ҳәм шығынларға алып келди. Буған ноқат қойыў керек. Урысқа ядро қуралы пүткиллей араласпаўы керек, деди Зеленский.
Иран менен келиспеўшилик басланғаннан кейин Израильда қалған сырт еллилер мәмлекетти самолётта тәрк етиўи мүмкин болады. Израиль 23-июнь күни мәмлекетти тәрк етиўди қәлеўшилер ушын рейслер шөлкемлестириўди баслаған. Биринши күни мыңнан аслам сырт ел адамы мәмлекеттен шығарып жибериледи. Бирақ пәрўаз ушын шеклеўлер де орнатылған. Соның ишинде, бир борт 50 жолаўшыға шекем тасыўы мүмкин. Рейслер Тел-Авивтеги Бен Гурион халықаралық аэропортынан әмелге асырылады.
Израильдың Иранға қарсы операциясын Россияның Украинаға басқыншылығы менен салыстырыўға болмайды, себеби Киев Россияның бар екенлигине ҳеш қандай қәўип туўдырмаған.
Мен Израиль халықаралық ҳуқыққа әмел етпей атыр, деген пикирге толық қосыла алмайман. Мәмлекеттиң бар екенлиги Иран ямаса ХАМАС тәрепинен гүманға алынғанда, буған халықаралық ҳуқық шеңберинде жуўап бериў аңсат емес. Егер кимлерге Израиль мәмлекетин жоқ етиў тилегин ашықтан-ашық айтыўға рухсат берилсе, онда Израиль өзин қорғаў ҳуқықына ийе болыўы керек, деди Меркель.
Израиль күшлери ХАМАСтың 2023-жылғы ҳүжиминен берли Газа секторында сақланып атырған 3 тутқынның денесин қайтарып алды. Израиль армиясы 22-июнь күни Офра Кейдар, Ёнатан Самерано ҳәм әскер Шай Левинсонның денелери арнаўлы операция нәтийжесинде қайтарып алынғанын айтқан.
Россия 23-июнь күни Украина пайтахты Киев қаласына ҳүжим етти. Ҳәдийсе ақыбетинде 3 адам қайтыс болды, 13 адам жарақатланды. Ҳүжим ақыбетинде турақ жайлар, бизнес орайы, мектеп, метро бәндиргиси ҳәм басқа да имаратлар зыян көрген. Қурбанлар саны артыўы күтилмекте. Жәми 10 адам, соның ишинде, 2 бала ҳәм ҳәмиледар ҳаял қутқарып алынған.
АҚШ 22-июнь күни Иранның үш ядро объектине берген соққылары ушын жуўап алыўы керек. Бул ҳаққында мәмлекет президенти Масуд Пезешкиён француз кәсиплеси Эммануэль Макрон менен телефон арқалы сөйлесиўде мәлим етти.
Иран президентиниң атап өтиўинше, түнги ҳүжимлер Америка тәрепиниң тыныш сөйлесиў бойынша “баянатларының тийкарсыз екенлигинен дәрек береди”.
Ирода Жўраева, Улуғбек Тўхтаев (видео), ӨзА