Жаслар ушын мазмунлы саяхат болды

220

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Өзбекстан Республикасы ИИМ Жǝмийетлик қǝўипсизлик департаменти ҳǝм Қарақалпақтан Республикасы ИИМ тәрепинен ишки ислер уйымларына бириктирилген жаслардың қатнасыўында “Ҳǝммемиз биргемиз – Ўатан беккем!” сүрени астында бир қатар мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт илажлары өткерилди.

Илаж қатнасыўшылары автокǝрўан менен Тахтакөпир районындағы Дәўқара аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Қаратерең» экотуризм комплексине алып барылды.

Ол жерде жаслардың Жол ҳǝрекети қағыйдалары бойынша билим көнликпелерин анықлаў мақсетинде викторина ойынлары ҳǝм эстафеталық спорт жарыслары өткерилди.

Жасларды бир мақсет жолында бирлестирген илажда елимизге белгили қосықшылар тǝрепинен усынылған йошлы қосықларға жаслар ойынға түсип, кеўилли ҳәм мазмунлы дем алды.

Ҳақыйқый байрам кейпиятын жасларға инам еткен илажда өткерилген таңлаў ҳǝм жарыслардың жеңимпазлары, белсенди жаслар шөлкемлестириўшилер тǝрепинен диплом ҳǝм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.




– Мен 2002-жылдан берли муғаллим болып ислеп киятырман. Быйыл  оқыўшыларымның бири Г.Муратбаева «Жас ҳуқықтаныўшы» олимпиадасына қатнасып, сыйлы биринши орынды ийелеген еди. Усы өткерилген илажда ол да шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланып, хошаметленди. Әлбетте, оқыўшыларымыздың усындай жетискенликлери бизлерди қуўандырады. Белсенди жаслар қатарында «Қаратерең»ге саяхат шөлкемлестирилип, оған қатнасып атырғанымыздан қуўанышлымыз. Бул жерде оқыўшыларымыз көп дослар, танысларды арттырып, бир-бири менен сәўбетлесип, саяхат етип кеўилли, мазмунлы дем алды,-дейди Кегейли районындағы 19-санлы улыўма билим бериў мектебиниң ҳуқықтаныў пәни муғаллими Г.Жақсымуратова.

Мағлыўмат ушын, Ишки ислер министриниң тийисли буйрығы менен республикамыздағы 452 мǝкан ҳǝм аўыл пуқаралар жыйынларында жасаўшы 485 жас ишки ислер уйымларының 43 басшы хызметкерлерине бириктирилген. Бул жаслар менен индивидуал түрде ушырасып, оларды жумысқа орналастырыў, кǝсип-өнерге оқытыў, исбилерменлик жумыслары баслаўы ушын кредит ажыратылыўына жәрдем берилмекте. Жаслардың усы бағдардағы ҳǝм басқа да 200 ден аслам машқалалары анықланды. Əмелге асырылған илажлар нǝтийжесинде усы жылдың 5 айы даўамында 30 ға шамалас жас жумысқа орналастырылды, алтаўы кǝсип-өнерге оқытылмақта ҳǝм 36 жастың басқа мǝселедеги машқалалары унамлы шешилди.

Әлбетте, жаслар елимиздиң келешеги. Сонлықтан да, олардың тǝлим-тǝрбиясы мǝмлекетлик сиясат дǝрежесине көтерилген. Олардың ертеңги айдын келешегин беккемлеўде, сондай-ақ, Ўатансүйиўшилик руўхында тǝрбиялаўда мине, усындай илажлардың тутқан орны әҳмийетли.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги