Баҳалы тасларды нызамға қарсы түрде өткериўге ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленбекте

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы «Адолат» СДП фракциясы мәжилисинде валюта ҳәм баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар машқаласы менен байланыслы қатнасықларды жетилистириўге қаратылған нызам жойбары додаланды.
Нызам жойбары бүгинги күнде валюта қунлылықларының нызамсыз айланысына қарсы гүресиў тараўында бир қатар машқалалар ҳәм ҳуқықый бослықлардың бар екенлиги ҳәм оларды сапластырыў зәрүрлигине байланыслы ислеп шығылған. Усы мақсетте Жынаят кодексине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске баҳалы металлар ҳәм баҳалы тасларды нызамға қарсы түрде алғаны ямаса өткергени ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизилмекте.

Додалаўлар даўамында фракция ағзалары бул нызам жойбары зергерлик тараўындағы нызамсыз жумысқа байланыслы жуўапкершиликти белгилеўде унамлы қәдем екенин атап өтти. Базарды тәртипке салыў арқалы мәмлекеттиң улыўма экономикалық көрсеткишлерине унамлы тәсир етиў мүмкин екенлиги тән алынды.
Фракция ағзалары бул нызам жойбары валюта және баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң бирдей қолланылыўына, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
М.Комилова, ӨзА