Өзбекстан ҳәм Малайзия пайдалы бирге ислесиўди беккемлейди

205

Бүгин Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров ҳәм Малайзия Бас министриниң орынбасары – энергетика ҳәм суў трансформациясы министри Фадиллаҳ Юсуф  басшылығындағы делегация арасында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў, биргеликтеги жойбарларды кеңейтиў ҳәм әмелий тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды. Сөйлесиў ўақтында ярымөткизгишлер ислеп шығарыў тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, ислам  қаржысын енгизиў, бул бағдарда техникалық жәрдем көрсетиў  ҳәм қоллап-қуўатлаў  бойынша да сөз етилди.

Тәреплер суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм ишимлик суўы тәмийнатын заманагөй технологиялар  тийкарында жетилистириў мәселелерин де додалады.

Министрликтиң  мәлимлеме хызметине бола, онда киши ҳәм орта исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда, бизнес субъектлери ушын ESG принциплерин қабыл етиў ҳәм  енгизиўде бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша да пикир алысылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан ҳәм малайзия пайдалы бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға келисип алды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА